Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында  ӨзЛиДеПтен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Б.Алдамуратов  ҳәм Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңеси депутатлығына талабан Ы.Қуттымуратованың жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, депутатлыққа талабанлар ҳәм олардың исенимли ўәкиллери, институт жәмәәти, мәҳәлле пуқаралары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда  талабанлардың  исенимли ўәкиллери сайлаўшыларға олардың өмирбаяны, мийнет жолы ҳәм ерискен жетискенликлерин таныстырып өтти. Соң депутатлыққа талабанлар Б.Алдамуратов ҳәм Ы.Қуттымуратовалар сайлаўшыларға алдымызда болып өтетуғын сайлаўлардағы өзгешеликлер, партия бағдарламасы ҳәм өзиниң сайлаўалды бағдарламасын анық мысаллар менен түсиндирип берди.

Сондай-ақ, илажда партияның сайлаўалды бағдарламасының 5 мақсет ҳәм 500 ўазыйпа шеңбериндеги алдағы бес жылда әмелге асырылатуғын жумыслары ҳаққында жасларға кеңирек  мағлыўматлар берилди.  Сайлаўалды бағдарламасында  дүньядағы “Топ-500” сырт ел жоқары оқыў орынлары менен биргеликте кеминде 50 биргеликтеги оқыў бағдарламасы ҳәм “ямаса дипломлы система”ны енгизиў, жасларымызға “Топ-100” глобал дизимге кирген университетлерде билим алыўы ушын валютада узақ мүддетли ҳәм жеңиллетилген кредитлер бериў, жоқары оқыў орынларында илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм илимий потенциалды 70 процетке жеткериў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Жасларды исбилерменликке тартыў ушын микроқаржылаў хызметлерин кеңейтиў ҳәм заманагөй қаржы механизмлеринен кеңнен пайдаланыў ушын имканиятлар жаратыў бойынша бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар алға қойылмақта.



Өз орнында жаслар да партияның жаңа сайлаўалды бағдарламасы менен жақыннан танысып, болажақ сайлаўларға бийпәрўа емеслигин билдирип, ӨзЛиДеП партиясы ҳәм оның талабанларын қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтти.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылар талабанларға өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги