Имам Термизий туўылғанының 1200 жыллығына
Термиз қаласында Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында өткерилген «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция шеңберинде быйылғы жылдың 17-18-октябрь күнлери «Имам Термизий илимий мийрасының ислам цивилизациясында тутқан орны» темасына бағышланған халықаралық илимий-әмелий әнжуман болып өтти.
Президентимиздиң 2024-жыл 15-агусттағы «Имам Термизий туўылғанының 1200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген абырайлы илаж Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Сыртқы ислер министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы менен биргеликте өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимиз, атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятында жасап, ислам дини цивилизациясына үлкен үлес қосқан уллы ата-бабаларымыз – көплеген илимпазлар, соның ишинде, Имам Термизийдиң бийбаҳа мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, муққадес естелигин еслеў, теберик қәдем орынларды абад етиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районындағы Имам Термизий комплекси түп-тийкарынан жаңаланып, абат орынға айландырылды. Ҳәким Термизий комплексинде де зыярат етиўшилер ушын барлық қолайлық жаратылды. Термиз қаласында Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемеси, ислам институты шөлкемлестирилди. Жүз берип атырған бундай өзгерислер ислам руўхый-ағартыўшылығын, адамгершилик, мийирим-шәпәәт, ҳүрмет-иззет сыяқлы жақсы идеяларды жас әўладтың санасына сиңдириўде әҳмийетли фактор болады. Жасларды жат идеялардан сақлап, муқаддес ислам дининиң тийкарғы әмеллерин сәўлелендириўге жәрдем береди.
Конференцияда қатнасқан дүньяның онға шамалас мәмлекетинен дин ғайраткерлери, абырайлы билимлендириў мәкемелериниң илимпазлары, муфтийлер, белгили уламалар, илимий изертлеўшилер илимий-әмелий әнжуман ҳәм жалпы мәжлис ҳәм сектор мәжилислеринде Имам Термизий, Ҳәким Термизий ҳәм басқа уллы термизий илимпазлардың мийрасына терең ҳүрмет көрсетти. Оның сийрек ушырасатуғын шығармаларын үйренип, изертлеў ҳәм олардан диний билим, руўхый-адамгершилик тәрбия жумысларында пайдаланыў ҳәзирги қыйын дүньяда жасларды миллий қәдириятларға сай тәрбиялаўға хызмет ететуғынын атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы бундай жақсы ҳәм қайырлы ислердиң интакери болып атырғанын айрықша атап өтип, мәмлекетимизде усы темада өткерилип атырған әнжуманларға жоқары баҳа берди.
– Уллы мәртебели президент Шавкат Мирзиёевтиң идеясы менен Өзбекстанда диний-ағартыўшылық, атап айтқанда, ислам илимлери тараўында оғада үлкен жаңалықлар, жақсылықлар әмелге асырылмақта – дейди Халықаралық мусылман уламалары кеңесиниң баслығы Әли Муҳйиддин Қорадоғий. – Бүгинги қыйын шараятта диний ҳәм дүньядағы тең салмақлықты сақлаў оғада қыйын ис. Мине, усындай мәселени шырайлы жеңип өтиў, әмелге асырыў мүмкин екенлигин Өзбекстан мысалында анық көриў мүмкин. Әлбетте, бул сиясатты жүргизиў да аңсат емес. Бирақ усы исенимли сиясатты Өзбекстан Президенти жүргизип атырғанын бәршеге ҳәм барлық мәмлекетлерге өрнек етип көрсетсе арзыйды. Ески тарийхый дәреклерди изертлеў, ондағы жақсы идеяларды тек Өзбекстан емес, ал дүнья көлемине жеткериўде бундай абырайлы әнжуманлардың орны оғада теңсиз болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформаларда терең мәнис бар. Ислам дининиң, Қуран ҳәм ҳәдис илиминиң негизги мазмун-мәнисин, ҳәдистаныўшылық мектебиниң илимий-ағартыўшылық тийкарларын, Ўатанымыздан жетисип шыққан уллы ойшыллардың мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйренип, кеңнен үгит-нәсиятлаў перзентлеримизди жаслықтан жоқары инсаныйлық идеялар ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға жәрдем береди. Жақсыны жаманнан, пайданы зыяннан, саўапты гүнәдан, қуўанышты азаптан, үнемлеўшиликти ысрапгершиликтен, кишипейилликти менменликтен, ҳадалды ҳарамнан, абатты абатсызлықтан, адамгершиликти әдепсизликтен, мәртликти нәмартликтен, мийрим-шәпәәтти мийримсизликтен, қайыр-сақаўатты сықмарлықтан, сабырды сабырсызлықтан, муҳаббатты муҳаббатсызлықтан ажыратыўға үйретеди.
Ўатанды жақсы көриўди ўатансызлықтан, ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиўди ҳүрметсизликтен, ақылды ашыўдан, илим-ағартыўшылықты илимсиз наданлықтан үстин қойыўға шақырады.
Конференцияда қатнасып, уллы ата-бабаларымыз өтмиште инсанияттың тыныш, таза, әдил ҳәм гүнәсиз жасаўында барлық заманлар ушын бирдей қәдирли тәлимди жаратып кеткенинен мақтаныш сезимин сезиндим. Бундай сезим тек ғана менде емес, әнжуманға узақ-жақыннан келген барлық қатнасыўшылардың жүрегинде мәўиж урғанын сезингендей болдым.
– Мен Термизийлердиң шығармаларын изертлеймен, – дейди Сулайман Демирал университети динтаныў факультетиниң профессоры, доктор Ҳадиже Токсўз. – Өзбекстанға келиўди оғада қәлер едим. Ҳәким Термизийдиң шығармаларында иләҳий сезим темасында излениў алып бараман. Мени оның өмири ҳайран қалдырады. Усы жерде уллы илимпаздың өмирине байланыслы бир масыл келтиремен : Ҳәким Термизийдиң илимди өзлестириўине ҳәдистаныўшы илимпаз болған анасы оғада үлкен жәрдем берген. Үйрениў ўақтында ойшыл шаңарағында садықлық, меҳр-муҳаббат оның өмирлик жолдасы менен қатнасығында да айқын көзге тасланады. Өмирлик жолдасы Ҳәким Термизийди ҳәр қандай жағдайда да қоллап-қуўатлаған. Дәреклерде өмирлик жолдасы Термизий ҳаққында көрген түслерин болжап бергени атап өтилген. Оның дыққатқа ийе болған тәрепи, бул түслерден уллы илимпаз дурыс жуўмақ шығарып, илим жолында алжаспай ҳәрекет еткен. Бул оғада гөззал өмир. Шаңарақтағы сап муҳаббат ҳәм садықлық түрли мәлимлеме ҳүжимлери ҳәўиж алған бизиң дәўиримизде де улығлаўға арзыйтуғын пазыйлет болып есапланады. Бул ҳаққындағы таң қаларлық пикирлеримди әнжуманның сектор мәжилисинде «Ҳәким Термизий көзқарасында «муҳаббат» түсиниги» темасындағы баянатым арқалы усыныс еттим.
Имам Термизийдиң туўылған күниниң 1200 жыллық юбилейи мүнәсибети менен пайтахтымыз ҳәм Термиз қаласындағы баспаларда термизий илимпазлардың көплеген сийрек ушырасатуғын шығармалары басып шығарылды. Термиз қаласындағы «Китобнашр» басылымы «Сунани термизий шолыўы» китабының төрт томын, Абу Жаъфар Термизийдиң «Тафсир» китабын басып шығарды. Жас әўладқа Холид ибн Зид Термизий, Мунжик Термизий, Саййид әли Термизий, Муҳаммад ибн Ҳамид Термизий, Муҳаммад Салиҳ Кашфий Термизий сыяқлы илимпазлардың шығармалары саўға етилди. Енди китап қумарлар шкафынан Ҳәким Термизийдиң «Қуранның сөзлерин түсиниў», «Намаз ҳәм оның мақсетлери» шығармалары да орын алатуғын болды.
Әнжуманның сектор мәжилислеринде Имам Термизий, Ҳәким Термизий ҳәм басқа термизий илимпазлардың өмири, илим жолындағы машақатлы мийнети, илимий шығармалары ҳаққында бир-биринен мазмунлы, қызық, тәсирли баянатлар тыңланып, додаланды. Имам Термизий ҳәдис, Ҳәким Термизий ирфон илиминиң билимданы сыпатында ислам үмметине елеге шекем ағартыўшылық қосып атырғаны атап өтилди. Пикир-усыныслар билдирилди.
Халықаралық илимий-әмелий конференция қатнасыўшылары Термиз районындағы Ҳәким Термизий, Шерабад районындағы Имам Термизий комплекслеринде болып, уллы алымлар жерленген орынларда Қуран оқыды. Зыярат шеңберинде ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес ңосқан уллы ата-бабаларымыз ҳаққында берилген мағлыўматлар сырт ел мийманларында және де бай тәсир оятты.
Әнжуман шеңберинде Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайында Имам Термизий ҳәм термизий илимпазларының жаңадан басып шығарылған китаплары ҳәм сийрек ушырасатуғын нусқаларының көргизбеси шөлкемлестирилди.
Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
ӨзАның хабаршысы