Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Даврон Ваҳобов Түркияда Саўда палаталары ҳәм товар биржалары аўқамы баслығы Рифат Ҳисорчиқл улы менен ушырасты.
Сәўбет даўамында тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады. Сондай-ақ, мәмлекетимиз ССПның Халықаралық саўда палатасы ҳәм Ислам саўда ҳәм раўажланыў палатасы жумысындағы қатнасыўына айрықша тоқтап өтти.
Тийкарғы итибар исбилерменлик байланысларын беккемлеў ҳәм қаржы киргизиў дәрежесин арттырыўға қаратылған өз-ара бизнес миссиялары ҳәм биргеликтеги илажларды шөлкемлестириўге қаратылды.
Буннан тысқары Түркияда Өзбекстан ССПның дәслепки ўәкилликханасының ашылыўы мәмлекет экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги