Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары даўам етпекте.

Тақыятас ҳәм Нөкис районларында Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасының мазмуны  ҳәм әҳмийетин халыққа кең түрде түсиндириў мақсетинде үгит-нәсиятлаў ушырасыўлары болып ѳтти.

Онда “Миллий тикланиш” демократиялық партиясынан Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслерге талабанлар, басланғыш партия шөлкемлериниң ўәкиллери, нуранийлер, жаслар, ҳаял-қызлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм сайлаўшылар қатнасты.

Өткерилген ушырасыўлар даўамында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов шығып сөйлеп, “Қәдириятларға сүйенген раўажланыў!” сүрени астындағы ушырасыўдың әҳмийетине кең түрде тоқтап, «Миллий тикланиш» партиясының жаңа сайлаўалды бағдарламасында белгиленген жаслардың тәлим-тәрбиясына  байланыслы усыныс ҳәм басламалар менен кеңнен таныстырып ѳтти.

Партия ѳз идеяларынан келип шығып,  тәрбия ҳәм билимлендириў өз-ара сәйкес, бир-бирин толықтыратуғын  бул еки процессти өз-ара үйлесикли, үзликсиз тийкарда шөлкемлестириў,  жаслардың тәлим-тәрбиясы, мәнаўиятын беккемлеў менен байланыслы әҳмийетли усыныслар алға қойылғанлығы атап ѳтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ушырасыўлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги