Жеке пикир
Социаллық тармақлардан биринде «Жумыстан заўық алыў бойынша усыныслар» темасындағы киши мақаланы оқып қалдым. Ҳақыйқатында да, қыялымнан өзиме таныс жумыстан рәҳәтлениў, заўық алыў не, улыўма бүгинги жәмийетимизде бул түсиниклер менен усынысларға көз-қараслар қандай? деген пикирлер өтти. Оларды төмендегише баянлайман.
Өз жумысыңыздан рәҳәтлениў. Гәп мазмунына қосымша түсиник беретуғын болсақ, бул – сиз өзиңиздиң талантыңыз, потенциалыңыз, уқыбыңыз, алған қәнигелигиңиз бойынша өзиңиз қәлеген жәмәәтте жумыс ислеўиңиз дегени. Бул әлбетте, унамлы қубылыс, кадрдың жеке турмысы ҳәм раўажланыўы, шаңарақлық бахты ушын имканият ҳәм айдын келешегин белгилейтуғын жол. Ким басшылыққа уқыплы, ким қосшылыққа дегендей, бул процесслер әмелиятта өзгерип бара береди.
Бахытлы турмыс ҳаққында бийкарға сөз етпедим. Себеби, инсанның кәсиби өз уқыбына сәйкес болса, өзи жақсы көрген тараў, жәмәәтте ислесе, өз жумысынан заўық ала алады. Бул жерде әлбетте нәтийже, раўажланыў да болады.
Мысалы, белгили дөретиўшилерден бири – Назым Ҳикмет Сиз ушын бахыт не? деген сораўға былай деп жуўап береди: Мен бахыттың не екенин билмеймен. Бирақ, бахыт мениңше ерте таңда жумыс орныңа кетиўге жүдә-жүдә асығыў ҳәм кеште үйиңе қайтыўға да сол дәрежеде асығыўдың арасы деп билемен. Бул сол адамның жумысы да, шаңарағы да жақсы дегени.
Әлбетте, турмысымыз шаңарақ ҳәм жәмәәт, жумыс орны менен тығыз байланған. Былай қарағанда жумыс орнымыз – екинши үйимиздей. Бул тәбийғый инстинкт болып, тиришиликтиң тийкарғы мазмунын қурайды. Инсан өз-өзинен қанаатланыўы, жумысынан ләззет алыўы ушын өмирде кәсипти ҳәм өмирлик жолдасты дурыс таңлаўы керек, деген сөзлер де тосыннан айтылмаған.
Кәсиптен рәҳәтлениў, ләззет ҳәм заўық алыў бахты көпшилик өз кәсибиниң маманы болған хызметкер-дөретиўшилерге оғада таныс сезимлер. Мысалы, «ғаз тойғанына емес, қыйғанына семиреди» дегендей, мен таныйтуғын бир неше дөретиўшилик кәсип ийелери өзи қанаатланғандай және халықтың кеўлинен орын алатуғын, оларға жоқары руўхый заўық беретуғын көркем шығармалар дөретип заўықланады. Темир, ағаш усталары, дийқанлар, шарўалар, улыўма физикалық жумыс пенен шуғылланатуғын инсанлар да солай. Мысалы пайтахтымыздағы абаданластырыў хызметкерлеринен бири менен сәўбетлескенимде: Мен өз жумысым барысында патасланып атырған көшелерди сыпырып, арнаўлы бағ ҳәм қыябанларға гүл егемен. Соң изиме қарайман. Азада көшелер менен еккен гүллеримниң ашылып, өсип атырғаны маған заўық бағышлайды, деген еди.
Киши мақалада Лондон изертлеў орайының анализи берилген. Оған бола гүл сатыўшылардың 87%ти, шаштәрезлердиң 79%ти ислеп атырған жумысынан, кәсибинен заўықланады. Бирақ, адвокатлардың тек ғана 46%ти, банкирлердиң 44%ти турмысынан бахтыяр екен. Мысалларды басқа кәсип ийелери бойынша да санап өтиў мүмкин.
Хош, бул көрсеткишлер бизиң жәмийетимизде, Қарақалпақстанда қай дәрежеде? Мениңше бизде бундай анализ бенен шуғылланатуғын орай яки мәкемелер жоқ. Деген менен, өзимиз киши анализ жүргизип көрсек те болады. Буған бир талай мысаллар менен дәлиллер табыўымыз мүмкин.
Мақала темасын «тиришилик пе, қызығыўшылық па?» деп бийкарға атамадым. Себеби, жәмийетшилигимизде, көбинесе ақылый мийнетте қызығыўшылығы қалып, тиришилик ушын өз қәнигелигине, қызығыўшылығына туўра келмейтуғын кәсиплерде ислеп атырғанлар да баршылық. Оларға өз кәсиплик жумысынан заўық алыў сыяқлы сезимлер улыўма жат. Тек қаржылай мотивация, берилген тапсырманы шақыр-шуқыр орынлаў бар.
Буған жуўап та таяр. Қәнигелигим бойынша жумыс жоқ яки таба алмадым. Бар болса айлық мийнет ҳақысы аз, қанаатландырмайды. Әлбетте, жасаў жақсы, жақсы жасаў оннан да жақсы дегендей, айлықлы жумысқа умтылыў бул инсан факторы.
Өз мийнет жолымда тийисли мәкемелерден биринде жумыс алып бардым. Жумыс процесинде көплеген жумыс излеп атырған заманласлар, жаслар менен ушырастым, сәўбетлестим. Қәнигеликлерине қарап аймақлар шеңберинде дизимге алынған бос жумыс орынлары менен таныстырдым. Олардың көпшилигиниң усынылған жумыс орнынан бас тартқанының гүўасы болдым. Неге? Себеби мәлим, айлығы аз!
Дурыс, бүгинги жаслардың басым көпшилигин биринши гезекте айлық қызықтырады. Ҳәтте, айырымлар өз қызығыўшылығы бир жақта қалып, ата-анасы яки басқа да жақынларының көрсетпеси менен өз қәнигеликлерин келешекте абыройлы және мол айлық берилетуғын тараўларға бағдарлайды. Булардың қатарына экономика, финанс, суд-ҳуқық сыяқлы тараўларды атап өтиўимизге болады.
Және бир факт. Бир жақсы қәнигени билемен. Қәнигелиги бойынша бир нешше жыллар даўамында нәтийжели жумыс ислеп атыр еди. Өз жумысын жақсы көрип, еле де унамлы нәтийже көрсетиў ушын ҳәр қыйлы идеяларды ойлап, заўықланатуғын еди. Айырым себеплерге бола айлық мийнет ҳақысы азайып қалды ҳәм ол буннан бийтақатланып, басқа, қәнигелигине туўра келмейтуғын жумысты таңлады.
Жоқары айлық бахыт келтире бермейди, дейди Уоррен Баффет. – Жоқары мийнет ҳақы жақсы мотивация. Бирақ, сиз онда турақлы стресс астында болыўға мәжбүр болсаңыз, жумысыңызды өзгерткениңиз мақул. Мениңше, егерде сиз резюме ушын өзиңизге жақпайтуғын жумыста ислесеңиз, ақылдан азған боласыз.
Белгили бир кәсипти ийелеў ушын әлбетте уқып, қызығыўшылық болыўы керек. Бул процесслер бизиң жәмийетимизде миллий қәдриятлар тийкарында «болар бала бес жасынан белгили» дегениндей инсанның бала ўақтынан бақланады. Баланың ҳәрекетлери ҳәм қызығыўшылығына қарап, ҳәр қыйлы болжаўлар айтылады. Бул болжаўлар өзин ақламаўы да мүмкин. Яғный шыпакер болады-аў, қосықшы болады-аў дегениң өсе келе улыўма басқа кәсипти ийелеўи де мүмкин. Бала бақшада, соң мектепте билим алады. Ал, өспирим ўақтында, яғный орта арнаўлы билимлендириў орынларын питкериў алдында кәсип таңлаў бойынша шешимге келеди ҳәм таңлаған қәнигелиги бойынша жоқары оқыў орнына тапсырады.
Усы жерде өзиниң қызығыўшылығы қалып, ата-анасының яки жақынларының усынысы менен кәсип таңлаған, сол бойынша жоқары билим алған айрым жаслар ҳаққында бир аўыз сөз. Олардың бирде ярымы сиңисип кетсе, көпшилигиниң жумысында сапа болмайды. Айрымлары алған қәнигелиги қалып, бәрибир өз қызығыўшылығы бойынша жумыс ислеп кетеди. Соң және илажсыз сол қәнигеликте қайта оқыйды. Бул бойынша фактлер баршылық.
Бүгинги күнде жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириўде көплеген мүмкиншиликлер жаратылған. 2016-жылға шекем Республикамызда 6 жоқары оқыў орны болған болса, ҳәзир олардың саны 10 нан асты. Әҳмийетлиси, жылдан жылға квоталар саны да артып бармақта. Мийнет жолым процесинде жоқары оқыў орнын тамамлап, жумыс излеп жүрген ҳәр қыйлы қәнигеликтеги жаслар менен де сәўбетлестим.
Жуўаплар әдеттегидей. Жумыс жоқ, бар болса айлығы аз. Бул қалай, қызығыушылық па, тиришилик пе? Бул материаллық байлықтың руўхый байлықтан үстин болғаны емес пе? Мениңше еле шаңарақ қоржыны мойнына түспеген жасларды айлық қызықтырмаўы керек. Дәслеп айлығы аз болса да өз қәнигелигиң бойынша әмелиятта исле, бар потенциалыңды иске салып өзиңди көрсет.
Дейл Карнегидиң атап өткениндей: – жумыс излеў процесинде сизге барлық есиклер бирден ашыла бермейди. Сиз дәслеп, сол жумыс орнына ылайық екенинизди дәлиллең! Сол дәрежеде ҳәрекет етиң, жумыс бериўши сизди тән алсын ҳәм жумысқа өзи шақырып алсын!…
Мениңше кәсип таңлаў, кимнендур тәсирлениў, кимгедур ҳәўес етиў, ең баслысы уқып ҳәм қызығыўшылықтан басланады. Сондай-ақ, халқымыз арасында өз кәсибиниң маманы болған инсанларға, әсиресе өнер ийелерине қарата қудай берген талант екен. Ол усы кәсип ушын туўылған деген де сөзлер айтылады.
Ҳақыйқатында да талантсыз адамның өзи болмайды. Жаратқаннан ҳәммеге белгили дәрежеде талант, мәлим бир кәсипке уқып бериледи. Ол бизиң билимимиз, излениўимиз нәтийжесинде жетилисип барады.
Жуўмақлап айтқанда, биз қолымыздан келетуғын кәсип пенен шуғылланыўымыз керек. Ҳәр бир инсанның мийнет жолында күшли тәреплери болады. Өз жумысыңыздан заўық алыў ушын олардан пайдаланыў керек. Қашан жумыста нәтийже, алға илгерилеў болады? Қашан биз өмиримиздиң мазмуны болған кәсибимизди еркин түрде бойымызға қуйып берилген уқып ҳәм талант пенен бирлестире алсақ.
Әҳмийетлиси, материаллық жағына қарамастан, кәсипти дурыс таңлаў ҳәм онда өзиңди табыў сизге руўхый заўық бағышлаўы менен бирге, жумысыңызға жоқары сапа береди. Сиз буның менен өзиңиздиң және жәмийетшиликтиң, ел-халқымыздың раўажланыўына үлес қосқан боласыз.
Ч.ЕЛМУРАТОВ
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының
10.10.2024-жылдағы 124-санынан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги