Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа туристлик комплекстиӊ ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады. Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерлик мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәм жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, естелик саўғалары менен сыйлықланды.
30 жылдан артық ўақыт итибарсыз қалған бул жерде 10 заманагөй типтеги қара үй, ойын майданшасы, 16 қара үй қурылған.
«Қаратерең» туристлик комплекси аймағында фестивальдың ашылыў мәресими, жергиликли фольклор жәмәәтлери тәрепинен түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери сәўлеленген театрластырылған композициялары, «Fashion night» түрли миллет ўәкиллериниң миллий кийимлер көргизбеси, Қарақалпақ қара үйин қурыў процеси, жас көркем өнер ўәкиллериниң концерт бағдарламасы болып өтти.
Жаслар ҳәм халық сейиллери даўамында ҳәр түрли миллий ойынлар, қарақалпақ халқының миллий дәстүрлери, бақсы ҳәм жыраўлардың шығыўлары, “Сайлаў ҳәм жаслар”, “Даўыслап оқыў”, “Ибрат перзентлери”, “Китап ярмаркасы”, “Аўыл хожалығы өнимлери ярмаркасы”, “Балық өнимлеринен 99 тағам”, “Миллий БАРлар”, “Халықаралық миллий аяқ ойынлар” атамаларында жойбар ҳәм илажлар өткерилди.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасыныӊ еӊ шетки аймақларыныӊ бири Тахтакөпир районында барлық тараўларда кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылып, районныӊ экономикалық-социаллық инфраструктурасын жақсылаў, халықтыӊ абадан турмыста жасаўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола Тахтакөпир районы «Белтаў» АПЖ да жоқары технологиялы ирригация системасы қурылды. Сондай-ақ, Аралбойы регионында инфраструктура жағдайын және де жақсылаў, туризм потенциалын арттырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бул мәҳәлле аймағында «Қаратереӊ» экотуризм комплекси қурылды. Өткерилип атырған бул илажлар да республикамыздыӊ алыс аймақларынан бири болған Тахтакөпир районына жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди шақырыў, халықлар дослығын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ даўамы болып есапланады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги