Орынларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары, үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Ж.Мустафаев Қоңырат районындағы 52-санлы улыўма билим бериў мектебинде партия белсендилери, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң баслығы А.Бегимова сайлаў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары, атап айтқанда, республикамыздың қурғақшыл аймақларында жасап атырған халық арасында экологиялық машқалалар себепли жүзеге келип атырған кеселликлерди анықлаў, турақлы мониторинг етип барыў ҳәм олардың алдын алыў илажларын көриў, ишимлик суўы, таза ҳаўа, альтернатив энергия ҳәм басқа да әҳмийетлилиги артып атырған тәбийғый ресурсларды сақлаўға қаратылған бирге ислесиўди кеңейтиў сыяқлы басламалар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Қатнасыўшылар партия жумысларының әҳмийетли бағдарлары ҳәм талабанның алдағы режелери туўралы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Үгит-нәсият илажлары орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги