Кеше Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында футбол бойынша 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таңлап алыў басқышының 4-тур ойынлары өткерилди.

Онда Өзбекстан миллий сайланды командасы Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы менен ушырасты.

Ойынның биринши таймында есап ашылмады.

Ал, екинши таймда командамыз футболшылары тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде Шерзад Насруллаевты мийманлар қорғаўшысы Абдулла Ҳамад қопал түрде аяғына теўип тоқтатып қалды.Ойындағы бул жағдайды өз ўақтында бақлап турған ушырасыў төрешиси араб футболшысына қызыл карточка көрсетти ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы 65-минуттан баслап ушырасыўды 10 ойыншы менен даўам етти.

Буннан соң ойында ҳүжимлерди күшейтиў мақсетинде, 17-номердеги қорғаўшы Абдулла Абдуллаевтың орнына «Насаф» командасының ҳүжимшиси Бобир Абдихолиқов майданға түсирилди ҳәм бул өзгерис тез арада өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетти.

Атап айтқанда, 73-минутта Бобир Абдихолиқов тәрепинен дәраўазаға тебилген топты араб футболшысы қоллары менен иркип қалды  ҳәм бул ҳәрекети ушын Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы дәрўазасына пенальти белгиленди.

Командамызға жаратып берилген бул имканияттан нәтийжели пайдаланған Атабек Шукуров пенальтиди анық әмелге асырып, ойындағы есапты ашыўға миясар болды.

Қалған минутларда еки команда ағзалары да гол урыў ушын ҳәрекет етти. Бирақ, ойында есап өзгермеди ҳәм бул жеңис арқалы сайланды командамыз өзиниң упайлар санын 10 ға жеткерип алды.

Сондай-ақ, бул турда Иран сайланды командасы Дубай қаласында Қатар сайланды командасы менен ушырасып, өз қарсыласларын 4:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, Қырғыз Республикасы сайланды командасы болса, арқа кореялы футболшылар менен ушырасып, оларды 1:0 есабында жеңиўге еристи.

Солай етип, «А» топарында Иран ҳәм Өзбекстан сайланды командалары 10 упай менен топар жетекшиси болып тур. Ал, Қатар ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командалары есабында болса 4 упай, Қырғыз Республикасында 3 ҳәм Арқа Корея сайланды командасында 2 упай бар.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.