15-октябрь Халықаралық Аўыл ҳаяллары күни
Мен аўыл ҳаялларын қалай көз алдыма келтиремен? Көз ашып көргеним анам, кемпир апам, жеңгелерим, қоңсы ҳаяллар нағыз аўылдың мийнеткеш, кеңпейил, қанша қыйын жағдай болса да шүкиршилик етип, турмысынан налыўды билмеген, қыз-келиншеклер және ер азаматларын, перзентлерин мийнетке, туўры сөзликке тәрбиялаған, көкирегине нур-зия шашқан инсанлар болды.
Сол аўыл ҳаялларында бул мениң жумысым емес, буны ер адам ислеўи керек, хожалық ийеси бизди бағыўы керек, деген түсиник жоқ. Қыстың аязы, жаздың ыссысы барма ерте таңнан турып алып, үй әтирапын тазалаў, сыйыр саўыў, отын майдалап ошақта шай демлеў, сыйыр ҳәм қой-жанлықларды өриске жибериў, қазан-табақ, кели-келсап, қыйтақ жерге қараў деймизбе, бәри олар ушын күнделикли, турмыс талабына айланып кеткен.
Бала ўақтымда анамның изине ерип, майданларға салы, бийдай, шимишки сыяқлы өнимлердиң масағына баратуғын едим. Сонда өзлеринен үлкен қалталарда көп масақ теретуғын да усы аўыл ҳаяллары еди. Масақты терип қоймастан, оны үйге әкелип қуяшта кептирип, кели-келсапта түйип, бийдай ҳәм маржандай жылтыраған гүришти суўырып қалтаға салып атырғаны еле есимде.
Олар ҳеш қашан жоқ деген нәрсени билмес. Жоқтан бар етип, мазалы тағамларды писирип, қоңсы ҳаяллар бир нәрсе сорап келетуғын болса, өзинен қыйып берип жиберетуғынын айтсаңо.
Әне, таўсылмайтуғын усы жумыслардың арасында анам тандырда ыссы нан жаўып атыр. Ийиси мурныңды жарады. Қоңсы Алтын апа көрпеше сырып, Улбосын апа тандырын сыбап, Артықгүл апа болса кели-келсаптан шыққан гүришин айдар-айдар-айдариўин айтып суўырып атыр. Айсенем апа болса, үлкен ләгенде бир арқа кийимлерди жуўыў менен бәнт.
Олар бир минут та тыным билмес сирә. Пахта атызларда ең алдынғы теримшилер де усылар. Усындай күнделикли турмыстың ғалма-ғалынан артып, перзентлерине, олардың сабағына, тәрбиясына да ўақыт таба туғынын қәйтерсең. Өзи жемей жедирип, киймей-кийдирип, улым-қызым деп жанып жасайтуғын анажанларым-әй!
Сизлер сирә шаршаўды, ойын-күлкини билиппедиңиз!? Перзентлериңиз, хожалығыңыз тыныш болса, барлық нәрсеси пүтин болса, сизлер ушын байрам. Арасында пахта атызларында, аўылдың той-мерекелеринде кеўлиңизди көтерип, қосық айтқаныңыз, миллий қосықларға аяқ ойынға түскениңиз болмаса, басқа қандай кеўил хошлығыңыз бар еди. Сизлердиң кеўил хошлығыңыз тек те шаңарағыңыздың аманлығы, перзентлериңиздиң жетискенлиги. Сизлер билмейтуғын әпсаналар, ертеклер, халық дөретиўшилигиниң үлгилери жоқ. Ҳәййиў, ҳәўжар, нақыл-мақал, жумбақ дейсизбе, бәри сизлерде.
Алп анадан туўылады, дегениндей ҳәзирги ўақытта ел үстинде жүрген, халқымызға мүнәсип хызмет етип атырған ер азаматларды да сизлер дүньяға келтиргенсиз. Дүньяға келтирип және оларға турмысты, мийнетти үйреткенсиз. Көкирегине зия нурын шашып, ийгиликли ислерге, билим алыўға қанат қомлағансыз.
Бүгинги күнде де аўылларымызда усындай мийнеттен қоллары қабарған ҳаяллар, кейўаны аналарымыздың мүнәсип даўамшылары, келиншеклеримиз баршылық. Әлбетте, аўыл ҳаяллары да абадан турмыста жасаўға ҳақылы. Әйне пайытта аўылларда бурынғыға қарағанда турмыс әдеўир жақсыланды. Турақлы электр энергиясы, тәбийғый газ, таза ишимлик суўы ҳәттеки интернет тармақлары жетип бармақта. Ҳәр бир тараўда, кәсип-өнери бар аўыл ҳаялларының бәнтлиги тәмийинленип атыр.
Мәмлекетлик, жәмийетлик яки жеке исбилермен болсын, бәрибир ол өз хожалығының уйытқысы. Оның жаны мисли тастан, темирден жаралған. Барлық физикалық жумысқа үлгереди. Әҳмийетлиси, олар бул аўыр жумысларды парыз деп емес, өмириниң мазмуны деп биледи. Ислеген сайын, заўық алады.
Аўыл ҳаяллары миллий қәдриятларымызды даўам еттирип, ҳәр бир хожалықтың берекет, аўызбиршилигин сақлаўда. Мийўе, палыз өнимлериниң ең-ең мазалысы, сүт-қатықтың, астың, мәйектиң, гүбиде пискен майдың ең татлысы, миллий қол өнерлериниң ең рәң-бәрең үлгилери тек те Сизиң берекетли ҳәм шийрин-шекер қолыңыздан шығады. Қалалылар аўылдың тағамы, аўылдың өними, аўыл ҳаяллары жетистирген, таярлаған жемис деп, үлкен ҳәўес пенен дәм татады, сатып алады.
Егер сиз қаладан қонаққа барағойсаңыз, тандыр басында ыссы наннан аўыз тийиң, деп айтатуғын, дастурханға бары-жоғын қойып, кетегиндеги жалғыз таўығын сойып беретуғын да усы аўыл ҳаяллары…
Аўыл ҳаяллары, ҳәр бир шаңарақтың, бизиң шын мәнисиндеги қаҳарманымыз! Бахтымызға ҳаял-қызларымыз, соның ишинде, аўыл ҳаяллары бәрқулла аман болсын!
Мен аўыл ҳаялының перзентимен ҳәм буны мақтаныш етемен!
Чаржаў Елмуратов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.