Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде   халықаралық бирге ислесиў мәселеси жақсы жолға қойылған болып, соңғы гезлери бир неше меморандумларға қол қойылып, профессор оқытыўшылар ҳәм студент- жаслар тәжирийбе алмасып, семинарларға қатнасып келмекте.

Усы жылдың 7-8-oктябрь күнлери Түркия Республикасының Анкара қаласында «2-Халықаралық түрк мәденияты симпозиумы» болып өтти. Түрк мәдениятын изертлеў институты тәрепинен шөлкемлестирилген бул илажда университеттиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң оқытыўшысы Айшолпан Оразымбетова жас илимпазлар қатарында өз баянаты менен қатнасты.

-Мен бул илажда илимий темам дөгерегиндеги «Қарақалпақ халық жыраўы Қурбанбай Тәжибаевтың жыраўшылық өнери» атамасындағы  мақалам менен қатнастым. Илажға түрли мәмлекетлерден илимпазлар келди. Атап айтқанда Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Италия, Россия, Венгрия, Швеция ҳәм Туркия мәмлекетлеринен келген профессор-оқытыўшылар менен танысып, дослар арттырдық. Бул мен ушын үлкен тәжирийбе мектеби болды деп айта аламан. Илимпазларды  бир жерге топлайтуғын усындай илимий бас қоспалардың  өткерилип турылыўы әҳмийетли деп ойлайман,-дейди А.Оразымбетова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги