Кейинги жыллары мәмлекетимизде информациялық технологиялар тараўы жедел раўажланып бармақта. Жети жыл алдын елимизде IT компаниялары саны 147 болған болса, бүгинги күнде 2 мыңнан асты. Мәмлекетимиз басшысы 2021-жылы республикамызға  сапары даўамында IT парк ушын жаңа имарат қурыў бойынша көрсетпе берген еди. Соған муўапық, Нөкис қаласы орайында 17 қабатлы заманагөй имарат қурылды. Бул тараўды раўажландырыў жолында республикамызда жумыс алып барып атырған көп санлы жаслар қатарында Айберген Есбергенов та бар. Ол 2020-жылдан берли  IT тараўында жумыс алып барып атырған жас программист.

Оның бул тараўда ерискен табыслары көплеген жаслардың заманагөй кәсиплерге болған қызығыўшылығын арттырады. Бул тараўды меңгериў жолында дус келген қыйыншылықлар менен табыслары арқалы Айберген тек ғана өз мақсетине ерисип қоймастан, IT тараўы бойынша жасларды оқытып, тәрбиялаўға өз үлесин қоспақта.

Оның IT тараўына қызығыўы 2018-жылда басланған. Ол программаластырыўды үйрениў ушын Gita Academy ҳәм  Mohir Devonlayn платформаларынан пайдаланып, өз билимлерин кеңейтиўге ҳәрекет еткен.

-Бул тараўға қызығыўымның себеби университеттеги устазым, техника илимлериниң докторы, доцент Шавкат Ешмуратов себепши болды,-дейди ол.

Ол дәслеп шет тиллерин белмеслиги себепли қыйыншылықларға дус келген. Себеби, программаластырыў ушын шет тилин билиў үлкен әҳмийетке ийе. Ол соңынан өзиниң зийреклиги менен бул қыйыншылықтан шығысады. Бердақ атындағы ҚМУ дың әмелий математика факультетин табыслы тамамлаған  ол ҳәзирги ўақытта магистратураның  2-курсында билим алмақта. Ол тәлим алыўы менен бирге бир неше жеке фирмаларда программист болып жумыс алып бармақта. Бул тараў бойынша ол билимлерин жетерлише жетилистирген болса да еле де үйрениўин даўам етпекте. Себеби, заманагөй кәсип ўақыт өткен сайын раўажланып, жаңарып бармақта.

-Бул тараўда биринши дәраматты табыў аңсат емес. Бирақ мен 2 жыл ишинде өз тараўымда биринши дәраматымды таптым,-дейди ол.

Айберген  инглис тилинен IELTS имтиханларынан 6 балл топлап, өз билимлерин және де кеңейтиўге ҳәрекет етпекте. Бул тараў бойынша билимлерин онлайн түрде жетилистирип, тәжирийбе топлаған. Сондай-ақ, ол бүгинги күнде  IT  “KarSUacademy” академиясын ашып, жасларға программаластырыў бойынша билим бермекте.

-Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде IT тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жақында пайтахтымызда  IT паркиниң  ашылыўы республикамыз жасларының усы тараў бойынша шуғылланыўы ушын   үлкен имканият болды.  Алдағы ўақытлары Президентимиздиң биз жасларға деген исенимин ақлап,  жаслардың IT тараўы бойынша билимли қәнигелер болып жетилисиўи ушын жәрдем бериў баслы мақсетим,-дейди ол.

Айберген, IT тараўының көплеген жақсы тәреплери бар екенлигин айтады. Еркин график, еркин излениў  ҳәм турақлы раўажаланыў имканияты бул тараўдың абзаллықларының бири есапланады. Өзи жас болыўына қарамастан бүгинги күнге шекем көплеген шәкиртлер таярлап үлгерген ол алдағы ўақытлары шәкиртлери менен биргеликте команда дүзип IT бойынша Азия, Европа мәмлекетлерине экспорт ислеўди режелестирмекте.

Бул тараўдың машақатларын үйрениў жолында оны бәрқулла қоллап-қуўатлап, жәрдем берген  ата-анасынан ол бәрқулла миннетдар.

Айбергенниң өзине деген исеними, мийнет сүйгишлиги ҳәм билимлерин тереңлестирип, келешекке қарай талпыныўы IT тараўында өз орнын табыўға умтылып атырған жаслар ушын өрнек болады десек алжаспаймыз. Бул жолда оған әўмет ҳәм бәлент пәрўазлар тилеймиз.

Зиёда Эркинова, Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги