Мойнақ районы ҳәкимлиги мәжилислер залында райондағы барлық мәҳәлле жетилиги ағзалары менен “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” атамасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириўи хызметкери, Ағартыўшылар жәмийетиниң ағзасы Ж.Сағындықов, Дин ислери бойынша комитетиниң Мойнақ районы бойынша бас қәнигеси Ж.Нурсейтов, мәҳәлле жетилиги ҳәм мәҳәлле белсендилери, жаслар қатнасты.
Ушырасыўда экстремистлик шөлкемлердиң қатарына алжасып кирип қалғанлардың тәғдири бойынша мағлыўматлар берилип, “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамның мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берилди.
Социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм динлераралық кеңпейилликти беккемлеў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў ҳәм оларды диний кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў, идеологиялық қәўиплерге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли бағдарлары ҳәм ҳаял-қызлардың унамсыз идеялар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Илажда мәҳәлле жетилиги ҳәм белсендилериниң пикир-усыныслары да тыңланып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги