Ҳәзирги ўақытта барлық қала ҳәм районларда депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары болып өтпекте. Усындай ушырасыўлардың гезектегиси Хожели районындағы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилди.
Онда ӨзЛиДеП тен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан М.Ибрагимов ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутатлығына талабан Ж.Ермашевлар сайлаўшылар менен ушырасты.
Ушырасыўда депутатлыққа талабанлар өзлериниң сайлаўалды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.
Бағдарламада район орайынан ҳәр бир аўылға 5,5 километрлик бетон жоллар қурылыўы, елатлы пунктлер толық жәмәәтлик транспортлар менен қамтып алыныўы сыяқлы халықтың турмысын абаданластырыўға қаратылған ўазыйпалар белгиленген.
– Бул аўыл турғынлары ушын оғада әҳмийетли,-дейди ӨзЛиДеП Хожели районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары – аппарат басшысы А.Тлепбергенов. – Районымыздағы партия белсендилери ҳәм тәрепдарлары сайлаў күнинде белсендилик көрсетип өзлери қәлеген талабанларға даўыс береди, деп исенемен.
Ушырасыў даўамында сайлаўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Бул бағдардағы үгит-нәсият илажлары орынларда қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги