Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында қала ҳәм районлардағы 2-сектор аймағынан бириктирилген жәмлеспеген жаслар арасында «Елдиң күши – бирликте, қәдири болса тынышлықта!»  сүрени астында «Айрықша жағдайлар министри кубоги» спорт жарыслары ҳәм таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Жарысқа жәми 16 команда волейбол, арқан тартысыў, шахмат, өрт өшириў эстафетасы, шатыр тигиў, биринши медициналық жәрдем, сораў-жуўап ҳәм еркин дөретиўшилик шәртлери бойынша өз-ара беллести.

Қызықлы өткен жарыслар жуўмағында, Тахтакөпир районы командасы биринши орынды ийелеген болса, Шоманай ҳәм Төрткүл районы командаларына екинши ҳәм үшинши орынлар несип етти.

-Бул жарысларға республикамыз бойынша 50 өзин-өзи басқарыў уйымларынан 24 мың 402 жас қатнасып, өз шеберликлерин көрсетти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының Мәлимлеме хызмети баслығы Айбек Абдурахманов.-Жарыс соңында жеңимпаз командалар басқармамыз тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланып, республикалық финал басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы