(Бул мақала 2016-жыл жазылған еди. Арал теңизин өз көзи менен көрген, оның айдын толқынларында балық аўлап, екинши жер жүзилик урыс жылларында өзиниң мазалы балық консервалары менен белгили болған Мойнақ балық консерва заводында мийнет еткен апа, аталарымыздың саны жылдан-жылға азайып баратыр. Мырзагүл апаның өмири Арал теңизи ҳәм Мойнақ балық консерва заводы менен байланыслы. Ол ҳәзир 81 жаста. Оның мийнетсүйгишлиги, туўылған жерге деген сүйиспеншилиги жасларымызға үлги болсын деген мақсетте мақаланы және бир мәрте жәриялап отырмыз.)
Мойнақшы Мырзагүл Жуманиязова ҳаққында еситип, оны үйине излеп бардық. Ишке бирден кирип кетиўди әдепсизлик санап есикти қағып турғанымызда иштен қамыр қоллары менен сыйпаланып бир кемпир шықты. Бизлерге жол баслап барған мойнақшы Мийрихан апа оның менен аман- есенлик сорасқаннан соң Нөкистен журналист келгенлигин оған түсиндирген болды.
-Қарақларым, қолымда еки келиним болғаны менен бул жумысларды мәзи қызыққа ислеймен,- деди ол қолларын жуўып атырып. Көзли болып қалғаныма да бираз жыллар болды. Бирақ өмиримше жумыс ислеп үйренип қалғанлықтан қарап отырыўды өзиме еп көрмеймен. Сыйпаланып жүрип-ақ бираз жумысларды ислеп таслайман.
Быйыл жетпис үш бәҳәрин қарсылап атырған Мырзагүл апаның тек көзли болып қалғанлығын айтпағанда тәўирақ тәндар еди. Балықшының шаңарағында туўылып өсип, өмири мийнет пенен киятырған оның бул көриниси «мийнет адамды жасартады» деген пикирди дәлиллеп турғандай еди.
-«Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынында туўылып өстим. Әкем Зийнатдин Қадирниязов пенен анам Алтын Жумабаева да өмиринше балықшы болды. Олардың жаслық жыллары урыс жылларына, жоқшылық заманына туўра келгенликтен көп қыйыншылық көрип жасады. Анам әкем менен бирге балық аўлаўдан тысқары Ақбаслы, Ешеккеткен өзеклериниң қазыўында қатнасқан. Мени Үргеден киятырып анам жолда туўған ҳәм азырақ өзине келгеннен соң көлге пишен ораққа барған. Алты жасымда мектепке оқыўға бардым. Ол заманларда ҳәзиргидей имканиятлар жоқ. Ҳәттеки мына ручка да жоқ еди. Бақа уш, қылмық уш деген болатуғын еди. Ушты жыңғылға байлап жазамыз. Муғаллимниң столында ҳәм және бир-еки партада сыя болады, соған ушты батырып алып жазамыз. Соннан кешке шекем үш-төрт ҳәрип жазып қайтамыз. Мектепти питкергеннен соң он алты жасымда турмысқа шықтым ҳәм еки айдан соң 1959-жылдың октябрь айында Балық консерва комбинатына жумысқа кирдим,-деп еслейди ол жаслық жылларын.
Тарийхый дәреклерге сүйенетуғын болсақ, Мойнақ Балық консерва комбинатының қурылысы 1935-жылы басланып, 1939-1940-жыллары иске түсип, оны «Үшсай», «Мойнақ», «Үрге», «Порлытаў», «Қазақдәрья» балық заводлары шийки зат пенен тәмийинлеп турған. Солай етип Өзбекстанда туңғыш мәрте балық-гөш консерва комбинаты иске түсип өним бере баслаған болса, оның дәслепки қәдемлери Екинши жер жүзилик урыс дәўирлерине туўра келди. «Барлық нәрсе фронт ушын!» сүрени менен жумыс алып барған комбинат хызметкерлериниң мийнетлерин қанша мақтаныш етсек арзыйды.
Мырзагүл апаның өмирлик жолдасы Төренияз Нуралиев та усы комбинатта жумыс иследи. Олардың жумыс ислеген жыллары урыстан соңғы жылларға туўра келгени менен комбинатта техникалар жетиспей, көп жумыслар қолдан исленетуғын еди.
-Балықты қолдан тазалап, унды да қолдан себелеп туратуғын едик,-дейди ол жумыс процеси ҳаққында. Балықты жыйнап қол менен салып туратуғын жердиң жумысы аўыр болғанлықтан көп күш жумсалады ҳәм ол жерге ҳәптесине бир мәрте гезеклесип нәўбетши боламыз. Ғаррым балықты музлатыўшы бөлимде 42 жыл жумыс иследи. Соңын ала жаңа техникалар менен толықтырылып, қуўыратуғын, суўытатуғын аппаратлар әкелинип орнатылды. Үш сменада 450 ҳаял-қыз жумыс ислеген болсақ, Ағжан Қабулова, Өтебийке Жолаева, Маржан Қалиевалар мийнетке үйреткен устазларым болса, Ақпалаў Жаңабаева, Тиллахан Жумабаева, Дәригүл Қалмурзаевалар менен комбинатта бир сапта турып мийнет еттик. Соның менен бирге, изимизге ерген шәкиртлерим Бийбижамал Асанова, Қойсын Пирлепесовалар да мийнет алдынғылары болды. Ол жыллары балық көп. Бекире, сүўен балықларынан консерва, икраларды иследик. Арал қурып, теңиздиң қуты қаша баслаған ўақытлары балық табылмай Каспий, Азов, Қара теңизлерден әкелинген балықлардың музларын жибитип, тазалап, консерваға таярладық.
Мырзагүл ападан теңиздиң толып-тасып турған ўақытлары ҳаққында еслеўлерин сорағанымызда ол былайынша жуўап берди.
-Усы теңиздиң бойында туўылып, есимизди танығанлы теңизди көрип, оның балықларын жеп өстик. Комбинатта ислеген жылларымызда ара-тура мал гөшин сатып алғанымыз болмаса, тийкарғы аўқатымыз балық болды. 1959-жылы теңизде суў көп еди. Үйлеримиз теңиздиң бойында жайласқанлықтан асаў толқынлар бурқасынлап, үйлеримиздиң есигине шекем урып туратуғын еди. 1964-жылы босанып, қызлы болғанымда анам пақыр қайық пенен келген еди. Соң теңиз әсте-әсте қурый баслады ҳәм 1973-жыллары суў көз ушына кетти. 1978-90-жыллары суўды көрдик, оннан соң теңизде суў көринбеди. Арал көз алдымызда усылай қурып кетти-ғой қызым.
Изин айта алмай Мырзагүл апаның даўыслары дирилдеп кетти. Оның бул жағдайы жақын қәдирданынан айырылып турғандай көринисти еслетип кетти… Ҳаслында Арал ҳәр бир мойнақшы ушын жақын, қәдирданы еди.
-1972-жылы комбинатқа от тийип, комбинаттың бираз жери жанып кетти. Ол ўақытлары комбинатта 1500 ден аслам адам жумыс ислейтуғын болса, көп ўақытқа шекем жумыс тоқтап, жумыссыз қалдық. Сонда да қарап отырмастан комбинатты қайта тиклеў жумысларына қатнасып, ер адамлар менен бирге гербиш, қум тасып үлес қостық,-дейди ол және де изде қалған жылларды еске алып.
Жумыс аўыр болыўына қарамастан Мырзагүл апа шаңарақта өмирлик жолдасы менен бирге перзент тәрбиясына да айрықша итибар қаратып, оларды камалға келтирип, қатарға қосты. Он алты жасында турмысқа шыққан болса, отыз төрт жасқа шекем тоғыз перзентти дүньяға келтирди. Соннан алты келин түсирип, еки қызын қутлы жерине қондырды (Үш перзенти қайтыс болған). Ғаррысының бул дүньядан кеткенине де бираз жыллар болып қалды. Көзли болып қалса да бос отырыўды өзине еп көрмей, келинлерин тыңламай сыйпаланып отырып, көрпеше сырып, ҳәтте баллары жумысқа кеткеннен соң олар билмесин деп дәрўазаны илип қойып жаздың күнлери гербиш те қуятуғын бул кемпирди көрип «Я тоба, усыншелли күш-жигерди қайдан алар екен. Ямаса, балық жеп өскеннен соң денсаўлығы жақсы болармекен», деп таңланғанымызды жасыра алмадық. Өз дәўиринде Районлық Кеңеске депутат болып, бир неше орденлер менен сыйлықланған ҳәм сиясий белсендилиги арқасында Ташкент, Бухара қалаларындағы мәжилислерге де қатнасқан оның хызметлерин қаншелли дизип жазсақ та көплик етпейди. Ҳаслында бүгинги күнде ақлық келинлерди жумсап, олардан шаўлық сүйип отырған Мырзагүл апаның Алладан шүкиршилиги көп.
– Арал қурып қалғаннан кейин халықтың денсаўлығына кери тәсирин тийгизгени ҳақ гәп. Қыйыншылықларға шыдамай бул журтты таслап көшип кеткенлер де көп болды. Лекин, киндик қаның тамған журтты таслап кетиў аңсат емес екен. Мине, ҳәзир жағдайымыз жаман емес. Көп жыл ҳадал хызмет еткенимизге сай пенсия алып отырмыз. Аллаға шүкир, мине халқымызға таза ишимлик суўы да тартылып атыр деп еситип қуўанып атырмыз. Президентимизге рахмет, берекет тапсын. Мойнағымызға үлкен итибар қаратып, бизлерге жәрдем берип атыр. Балларыма «сыртқа кетпей усы имканиятлардан орынлы пайдаланың» деймен. Ең тийкарғысы елимизде тынышлық ҳәм бахытлы заман мәңгиге даўам етсин,-деп жақсы тилеклерин билдирди Мырзагүл апа.
Биз бул шаңарақтан шығып Нөкиске қарай жол алар екенбиз ойланыўға жеткиликли ўақыт беретуғын жолдың узақлығы «Жаслығымда бер мийнет, қартайғанда бер дәўлет», деген тилектиң қаншелли дурыс екенлигин Мырзагүл апаның мысалында тастыйықлап турғандай болды.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.