Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты ҳәм тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабуловтың 85 жыллығына бағышланған «Сөзден кесте тоқыған шайыр» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.
Оны музей директоры Ш.Пайзуллаева басқарып барды.
Кешеде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты, қарақалпақ әдебияты бөлим баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Зияда Бекбергенова, Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы халық дөретиўшилиги кафедрасының аға оқытыўшысы, қосықшы, композитор Нурназар Қәллибековлар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның адамгершилик пазыйлетлери ҳаққында кең түрде шығып сөйледи.
Сондай-ақ, кешеде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен Т.Қабуловтың қәлемине тийисли намалы қосықлары атқарылып, бул илажға көтериңки кейпият бағышлады.
Әдебий кешеде шайырдың өмирлик жолдасы Рысгүл Уснатдинова ҳәм қызы Миясар Қабуловлар шығып сөйлеп, шайырды еске алып усындай кешени өткергени ушын шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылық билдирди.
Абдуллаева Шахноза-Бану,
Яқупбаева Перуза,
Бердақ атындағы ҚМУ студенлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги