«Сайлаў-2024»
Усы күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери депутатларының сайлаўы миллий нызамшылығымыз талаплары ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслери депутатларының сайлаўын өткериў бойынша Календарь режеге муўапық алып барылмақта.
Усы жерде, участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен сайлаўшылар дизимин дүзиў жумыслары ҳаққында сөйлессек.
Себеби, сайлаўларды өткериў дәўиринде сайлаўшыларды дизимге алыў процесиниң әҳмийети оғада үлкен. Қалаберди, ҳәр бир мәмлекеттиң сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери өзине тән өзгешеликлерине ийе болып, бул сайлаўшыларды дизимге алыў мәселесине де тиккелей байланыслы.
Жоқарыда атап өтилген Календарь режеге муўапық, Сайлаўшылар дизимин Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин (СБЭД) қәлиплестириў бойынша мәлимлеме системасының мағлыўматлары тийкарында дүзиў (қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў) сайлаўға кеминде 40 күн қалғанында әмелге асырылады.
Сайлаўшылардың жуўмақлаўшы дизими болса, сайлаўға 5 күн қалғанына шекем қәлиплестирип болған болыўы керек.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 4-бабы «Сайлаўшылардың дизимлерин дүзиў»ге бағышланған болып, оның 27-статьясында – Сайлаў күнине шекем ямаса сайлаў күни он сегиз жасқа толған, дизим дүзилип атырған ўақытта усы сайлаў участкасы аймағында турақлы ямаса ўақтынша жасап атырған пуқаралар сайлаўшылар дизимине киргизилиўи ҳәм ҳәр бир сайлаўшы тек ғана бир сайлаўшылар дизимине киргизилиўи мүмкин екенлиги белгиленген.
Усы жерде, «ҳәр бир сайлаўшы тек ғана бир сайлаўшылар дизимине киргизилиўи мүмкин екен»лиги ҳаққындағы қағыйданың бар екенлиги пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын, олардың социаллық келип шығыўы, жәмийетлик ҳәм мүлклик дәрежеси, рассалық ҳәм миллий тийислилиги, жынысы, мағлыўматы, тили, динге мүнәсибети, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, теңдей сайлаў ҳуқықын тәмийинлеўи итибарға ылайық, деп ойлаймыз.
Дүнья әмелиятында сайлаўшыларды дизимге алыўдың ҳәр қыйлы қуралларынан пайдаланылады. ЕҚБШ ДИҚББның халықаралық сайлаў стандартлары ҳәм сайлаўларды бақлаўға байланыслы ҳүжжетлеринде тийкарынан сайлаўшыларды дизимге алыўдың еки системасы атап өтиледи. Булардың бириншиси – дизимге алыўдың белсенди (мәлим етиў) системасы. Онда пуқаралар сайлаўшылар сыпатында дизимнен өтиў ҳаққында өзлериниң арза бериўи талап етиледи. Демек, бул сайлаўшылардың еркин түрде дизимнен өтиўи болып есапланады.
Екиншиси болса, сайлаўшыларды дизимге алыўдың пассив системасы. Бул системада сайлаўшылардың реестри халық ямаса пуқаралардың реестрлери тийкарында ямаса есапқа алыўдың басқа да түрлери тийкарында автомат түрде дүзиледи. Биз оны сайлаўшыларды мәжбүрий түрде дизимге алыў деп айтыўымыз мүмкин.
Халықаралық ҳүжжетке тийкарланып, толық, ашық-айдын, кең көлемли ҳәм сайлаўшылардың анық реестри тәмийинленген жағдайда ана система да, мына система да қолайлы болып есапланады.
Хош, бизиң миллий сайлаў нызамшылығымыз сайлаўшыларды дизимге алыўдың қандай системасына тийкарланады?
Өзбекстанда миллий сайлаў нызамшылығы халықаралық ҳүжжетлерде тән алынған сайлаўшыларды дизимге алыўдың пассив яғный, мәжбүрий түрде дизимге алыў системасына тийкарланады. Бирақ, бул сайлаўшының сайлаўға келиўи мәжбүр дегени емес. Ал, сайлаўшының сайлаўда қатнасыўы оның конституциялық ҳуқықы болып есапланады. Пуқараның сайлаўға келиўи ямаса келмеўи еркин. Айырым мәмлекетлерде пуқаралардың сайлаўға келмеўи ҳәкимшилик жуўапкершилик пайда етиўи көзқарасынан алатуғын болсақ, бизиң миллий сайлаў нызамшылығымыз демократиялық принциплерге толық муўапықлығын көриўимиз мүмкин.
Әсиресе, ЕҚБШ ДИҚББның халықаралық сайлаў стандартларында белгиленген сайлаўшылардың дизимин анық ҳәм дурыс дүзиўге байланыслы талапларына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 5-июньдағы 1337-санлы қарары менен тастыйықланған «Участкалық сайлаў комиссиясы таныстырыў ҳәм сайлаўшылар дизиминдеги белгисизликлер ҳаққында шағым етиў ҳуқықының беккемленгени пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли кепили болып хызмет етеди».
Ҳүрметли сайлаўшы сайлаўшылар дизиминде барсыз ба?
Абдуманнов РАҲИМОВ,
Өзбекстан Республикасы
Конституциялық судының судьясы
ӨзА