Шымбай районында  жасаўшы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы туўма жүрек нуқсанлы кеселлиги болған балаларды анықлаўда ҳәм оларға жәрдем берип, саламат өмирге қайтарыўда заманагөй медициналық технологияларда операция ислетиўде зәрүрликлер болғанлығы себепли,  район ҳәкими Айбек Тажетдиновтың басламасы менен Шымбай медицина бирлеспесинде Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия орайының шыпакерлери тǝрепинен медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

Бул ҳаққында Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия орайының туўма жүрек нуқсанлары бөлиминиң баслығы Умид Мурадов бизге төмендегише айтып берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги