10-октябрь күни Самарқанд қаласында «Мырза Улығбек: уллы энциклопедист илимпаз ҳәм белгили мәмлекетлик ғайраткер» темасындағы халықаралық конференция өз жумысын баслады.
Мәмлекетимиз басшысының быйыл 12-сентябрьдеги қарарына бола, елимизде уллы энциклопедист илимпаз ҳәм белгили мәмлекетлик ғайраткер Мырза Улығбек туўылғанының 630 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Усы қарардың орынланыўы бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул әнжуман қатнасыўшылары дәслеп Мырза Улығбек обсерваториясында болып, уллы илимпаздың естелигине гүллер қойды.
Шарап Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде конференцияның ашылыў мәресими өткерилди.
Өзбекстан Илимлер академиясының вице-президенти Б.Абдуҳалимов, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары О.Маҳкамов, Самарқанд мәмлекетлик университетиниң ректоры Р.Холдмуродов ҳәм басқалар усы әнжуманның өз дәўиринде Әмир Темур ҳәм оның ақлығы Мырза Улығбек тәрепинен дүньяның ири илим-ағартыўшылық орайларынан бирине айландырылған Самарқандта, уллы астроном илимпаз жаратқан медресениң мийрасхоры болып есапланған Самарқанд мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилиўи терең символикалық мәниге ийе екенлигин атап өтти.
– Инсаният тарийхында көп ойлап табылыўлар болған, өз илими менен адамлардың турмыс тәризи өзгериўине үлес қосқан илимпазлар бар, бирақ олардың барлығы да данышпанлық дәрежесине көтерилмеген,-дейди Өзбекстан Илимлер академиясы Астрономия институтының директоры, академик Шуҳрат Эгамбердиев. – Уллы астроном Мырза Улығбек бабамыз болса дүнья илимпазлары тәрепинен данышпан сыпатында тән алынған илимпазлардан бири, оның менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды. Соның ушын бүгинги әнжуманда бир қатар халықаралық шөлкемлер, дүньяға белгили абырайлы университетлердиң ўәкиллери, танымалы астроном илимпазлар қатнаспақта. Биз бул конференцияда Шығыс астрономиясында қәўендерлик ҳәм қәўендерлер мәселесин көтермекшимиз. Себеби, орта әсирлерде жасап өткен, илимниң раўажланыўы жолындағы хызметлери дүньяда тән алынған барлық уллы илимпазларымыздың илимий изленислер менен шуғылланыўы ушын ҳүкимдарлар, ири мүлк ийелери қәўендерлик еткен. Соның ишинде, Мырза Улығбектиң астрономия илиминдеги ойлап табыўлары, бул илимниң раўажланыўындағы теңсиз хызметлери де өз дәўиринде саҳыпқыран Әмир Темур тәрепинен жаратылған илимий-ағартыўшылық орталық, илим ғайраткерлерине көрсеткен итибар ҳәм ғамхорлығының нәтийжеси болған.
Конференцияның ашылыў мәресиминде Франциядағы Темурий тарийхы ҳәм көркем өнерин үйрениў ассоциациясының басшысы Федерик Брессанд ханым онлайн қатнасып, оның басшылығындағы жәмийеттиң Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Франицяда Мырза Улығбек мийрасын үйрениў бағдарында әмелге асырып атырған жумыслары ҳәм келешектеги режелери ҳаққында мағлыўмат берди.
Бул ассоциацияның басламасы менен Франция ҳәм Өзбекстандағы театр актёрлары менен биргеликте жаратылған «Мырза Улығбек» спектаклинен үзиндилер қойып берилди.
Буннан соң Мырза Улығбек туўылғанының 630 жыллығы мүнәсибети менен басып шығарылған астрономның «Зижи жадиди Кўрагоний» ҳәм «Төрт улыс тарийхы» атамасындағы шығармаларының бир неше тилдеги жаңа басылымларының презентациясы өткерилди.
Әбиў Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты Шығыс халықлары илими ҳәм мәденияты тарийхы бөлиминиң баслығы, ири шығыстаныўшы илимпаз, «Зижи жадиди Кўрагоний» шығармасының аўдармашысы Ашраф Аҳмедов бул шығарма ҳәм оның аўдарма процесслери ҳаққында айтып берди.
– «Зиж» Мырза Улығбектиң шах шығармасы болып, оннан кейинги фундаменталь билимлердиң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан,-деди А.Аҳмедов. – Бул шығарма өзиниң қурамына бола, VIII-IX әсирлерде басланған астрономиялық дәстүрди даўам еттирсе де илимий дәрежеси оларға қарағанда теңсиз ҳәм жоқары болып есапланады. Мен 1974-жылы бул шығарманың аўдармасы үстинде жумыс баслағанман. 20 жыл даўамында жумыс пенен шуғылландым. Дәслеп шығарманы рус тилине аўдарған болсам, кейин өзбекшеге аўдармалаўға еристим. Төрт китаптан ибарат шығарма биринши мәрте толық түрде өзбек тилине аўдарма исленди. Бул бизиң бийбаҳа илимий байлығымыз болып есапланады.
Әнжуман «Шығыс астрономиясында қәўендерлик ҳәм қәўендерлер», «Мырза Улығбек дәўиринде илимий ҳәм руўхый өмир» секцияларында өз жумысын даўам еттирди. Бул сессиялар бағдарламасынан Мырза Улығбектиң астрономия илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси, дөреткен шығармаларына байланыслы соңғы изертлеўлердиң нәтийжелери, илимий жаңалықлар, сол дәўирдиң илимий ҳәм мәдений турмысына байланыслы, сондай-ақ, уллы илимпаз шәкиртлериниң жумысына бағышланған баянатлар, презентациялар менен бирге Шығыс мәмлекетлери ҳәм Европа мәмлекетлеринде астрономия илиминиқ раўажланыўы ҳәм онда халықаралық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
– Мырза Улығбектиң «Зиж»и пүткил дүнья астрономиясының раўажланыўында түпкиликли бурылыс жасаған шығармалардан бири болып есапланады,-дейди Стамбул университетиниң профессоры Феза Гунергун. – Себеби онда келтирилген кестелер, 1018 жулдыз ҳәрекети ең дурыс ҳәм толық болып есапланады. Соның ушын оннан өз дәўиринде Европа мәмлекетлеринде, соның ишинде, Усманлылар салтанатында да кеңнен пайдаланылған. Түрк астрономия илимине бул шығарма жүдә үлкен тәсир көрсеткен. Әсиресе, Мырза Улығбек медресеси ҳәм обсерваториясында жумыс алып барған, оның сүйикли шәкиртлеринен болған Әли Қусшының Улығбек өлиминен соң Түркияға кетип, ол жерде илим менен шуғылланыўы, устазының шығармаларын үгит-нәсиятлаўы бизде бул илимниң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Конференцияға мине, усы темадағы баянат пенен қатнасып атырман.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы