Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм исбилерменлик субъектлери менен биргеликте жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынларының мийнет ярмаркасы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Косназаров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң бөлим баслығы С.Еримбетов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде инсан ресурсларын раўажландырыў арқалы ишки ҳәм сыртқы мийнет базарын реформалаў, кәмбағаллықты қысқартыў ушын бәнтликтиң прогрессив түрлерин қолланыў, тараўда көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын және де арттырыў ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен енгизиў илажлары әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Мийнет ярмаркасын шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар ҳәм ҳаял-қызларды, елимиз пуқараларын турақлы жумыс орыны менен тәмийинлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Ярмаркада 50 ге шамалас мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм 30 дан аслам исбилерменлик субъектлери өзлеринде бар 400 ден аслам бос жумыс орынлары менен белсене қатнасты. Сондай-ақ, бәнтлиги тәмийинленбеген 300 ден аслам пуқаралар, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос жумыс орынлары менен жақыннан танысып, жумысқа қабылланыў бойынша сөйлесиўлер алып барды.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта «KEGEYLI TEX GROUP» ЖШЖ да жәми 100, «NUKUS MED TEX» ЖШЖ да 50, «ENTER ENGINEERING» компаниясында жәми 50 бос жумыс орынлары болып, бул кәрханаларда барлық шараятлар жаратылған.
Алдағы ўақытта жумыссызларды мәнзилли анықлаў, оларды исбилерменлердиң кәрханаларына жоқары дәраматлы вакантларға усыныў ҳәм жумысқа жайластырыў бойынша Басқарма ҳәм Министрлик тәрепинен илажлар еле де даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги