Жәмийетти санластырыў шараятында инсан хуқықларын қорғаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша алдынғы тәжирийбелерди билиў ҳәм әмелиятқа енгизиў оғада әҳмийетли.
Евроазия Омбудсманлары Альянсының IX мәжилиси усы темаға бағышланды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) орынбасары Б. Нариманов онлайн түрде қатнасты.
Альянс мәжилисинде, сондай-ақ, Россия Федерациясы, Түркия, Сербия, Армения, Қырғызстан, Монголия, Қазақстан, Иран, Бахрейн патшалығы, Кувейт ҳәм Тәжикстан Омбудсманлары ҳәм инсан хуқықлары миллий институтларының басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкиллери ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының белсендилери қатнасты.
Илажда кибермәканда шахс, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мәплерин сыртқы ҳәм ишки қәўип-қәтерлерден қорғаў, киберқәўиплерге қарсы гүресиў стратегиялары, мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша нызамшылық, инсан хуқықларына байланыслы миллий институтлардың электрон платформалары ҳәм олардың имканиятлары ҳаққында сөз барды. Бул бағдардағы алдынғы сырт ел әмелиятлары ҳаққында пикир алысылды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы