«Бунёдкор» стадионында футбол бойынша жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышының 3-турынан орын алған Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары арасындағы ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды австралиялы Шон Эванс басшылығындағы төрешилер бригадасы басқарып барады.

Ойынның биринши таймында еки команда да гол урыў ушын көплеген ҳүжимлер шөлкемлестирди. Әсиресе, Иран сайланды командасы футболшылары белсендилик көрсетти ҳәм футболшыларымызды қопаллық ислеўге мәжбүр етти. Атап айтқанда, ушырасыўдың 19-минутында Фарруҳ Сафиев, 30-минутта Адил Ҳамробековлар қарсыласларына ислеген қопал ҳәрекетлери ушын бас төреши тәрепинен сары карточка менен жазаланды.

Екинши таймның басларында командамыз футболшылары көбирек ҳүжимге өтти. Усындай ҳүжимлердиң биринде иранлы футболшы Солиҳ Хардани Элдар Шомуродов қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм Шон Эванс тәрепинен майданнан шетлетилди.

Ойынның қалған минутлары да оғада кескин өтти. Бирақ, дәрўазаларға гол урылмады ҳәм ушырасыў 0:0 есабы менен жуўмақланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы