(Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналады)
Оқытыўшылық кәсибин басқа ҳеш бир кәсип пенен салыстырып болмайды. Себеби, ол тек әпиўайы кәсип емес, ал адамға берилетуғын уқып, талант. Жүзлеген, мыңлаған жасларға өзиниң бар билимин жан-тәни менен үйретиў, оларға меҳир берип тәрбиялаў, буны тек ғана ҳақыйқый оқытыўшы устаз-педагог ислей алады.
Уллы педагог Ян Коменский оқытыўшы устазларды бағда меҳир берип үлкен қызығыўшылық пенен бағды өсирип атырған бағманға уқсатады. Усындай педагоглардың бири бизлердиң әдиўли устазымыз Софья Тажетдинова. Ол ҳәр дайым жасларға билим ҳәм тәрбия бериўде шаршамайтуғын, ўақыт пенен санаспай мийнет ететуғын, кәсибине пидайылық пенен қатнас жасайтуғын көп жыллардан бери билим тараўында елге хызмет етип киятырған өз кәсибиниң маманы.
Софья Минажатдиновна Тажетдинова 1964-жыл Кегейли районында оқытыўшылар шаңарағында туўылады. Жаслайынан музыкаға, көркем өнерге қызығыўшылығы күшли болып, сол ўақытлары-ақ, келешекте музыкант-педагог болыўды өз алдына мақсет етип қояды. Жыллар даўамында өз мақсетине жетисиў ушын басқышпа-басқыш оқыў орынларында билим алады ҳәм ҳәр дайым өзиниң тырысқақлығы, жуўапкершилиги және де оқыўларда үлгили болыўы менен ажыралып турады. Ол студентлик жылларында-ақ көплеген жетискенликлерге ериседи.
Устазымыздың айтыўына қарағанда бул жетискенликлерге ийе болыўда оған тәлим-тәрбия берген устазларының мийнетлери айрықша орын тутады. Себеби, ол өз устазларын мақтанышлы түрде тилге алып, оларға шексиз миннетдар екенин билдиреди.
Жапақ Шамуратов атындағы музыка ҳәм көркем өнер билим журтында оқыған ўақытлары ол дирижёрлық сырларын Қарақалпақстан халық артистлери Сапарбай Палўанов ҳәм Абдижаббар Мамбетовлардан үйренеди. Сондай-ақ, оған усы оқыў орнында «дирижёрлық методикасы» пәнинен Л.Красникова, «музыка теориясы», «гармония» пәнлеринен К.Өтегенов, «музыка тарийхы» пәнинен Л.Булушеваларда тәлим береди.
1987-1991 – жыллары ол Абдулла Қадирий атындағы Ташкент мәмлекетлик мәденият институтында «Хор дирижёрлығы» қәнигелиги бойынша оқып, онда елимизге белгили илимпаз-оқытыўшылардан Т.К.Сарымсакова, С.М.Потапова, О.Н.Кривошея, К.Т.Мирзаев, Ш.Рузиев, О.Толипов ҳәм Ш.Ерматовлардан музыканың әлўан түрли сырларын үйренеди. Студентлик жылларында музыка қәнигелиги бойынша оқыў орынлары арасында өткерилген «Жас дирижёр» конкурсында қатнасып, биринши дәрежели диплом алыўға миясар болады.
Сондай-ақ, ол 1990-1991 – оқыў жылында Саратов қаласында өткерилген дүнья жүзлик хор фестивалында Өзбекстан Республикасы атынан дүзилген оқыў орны хор жәмәәтинде қатнасады. Софья Тажетдинова питкериў қәнигелиги әмелиятын Өзбекстан Республикасы телерадиокомпаниясы жанындағы Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Ш.Ерматов басшылығындағы «Булбулча» балалар хорында жәрдемши дирижёр лаўазымында өтеди ҳәм бул хор жәмәәти менен биргеликте республикалық жоқары оқыў орынларында бир неше концертлерде қатнасты.
Институтты тамамлағаннан соң ол 1992-жылдан баслап өзиниң педагогикалық жолын Әжинияз атындағы НМПИ диң «Музыка» кафедрасында стажёр оқытыўшы лаўазымынан баслайды. Жыллар даўамында тынымсыз мийнетлери арқасында 100 ден аслам илимий жумысларын баспадан шығарады.Олардан атап өтетуғын болсақ, 1992-жыл Г.Мәмбетназарова менен «Билим» баспасынан Х – класслар ушын «Әдепнама» сабақларының жобасы ҳәм көрсетпеси, 1995-жылы С.Палванов пенен «Билим» баспасынан 7-класс ушын сабақлық Қосық-нама сабақлары, Қосық-музыка сабақлығы, 2000-жылы «Билим» баспасынан «Музыка мәденияты» сабақлығы, 2005-жылы кафедрамыз оқытыўшысы Г.Улфетова менен «Билим» баспасынан, жоқары оқыў орынларының музыка тәлими қәнигелиги студентлери ушын «Хор» ҳәм «Хор таныў», «Дирижёрлық» пәнлеринен оқыў қолланба, улыўма билим беретуғын мектеплери ушын «Музыка» пәнинен 7-класс ушын сабақлық, 2008-жылы кафедрамыз профессоры Ғ.Аманиязов пенен биргеликте «Музыка» пәнинен 2-класс ушын методикалық қолланба ҳәм оннан басқа да бир неше илимий мақалалары илимий журналларда басылып шықты.
Софья Тажетдинова 2013 – 2017-жыллары аралығында Музыкалық тәлим кафедрасын басқарып, каферданы басқарыў дәўиринде оның илимий потенциалын жоқары көтериўге өз үлесин қосты.
Әййемги грек философы Плутарх «Оқыўшы шәкирт – бул шам сыяқлы, оны тек ғана ҳақыйқый оқытыўшы устаз жаға алады» деп айтқан еди. Сондай ҳақыйқый устазлардың бири Софья Тажетдинова, өзиниң жумысын ҳәм шәкиртлерин жақсы көрип, оларға тек ғана билим берип қоймастан өз гезегинде өмирдеги турмысқа да тәрбиялайды. Ҳәр бир шәкиртин өз перзентиндей көреди.
Оның тәрбиялаған шәкиртлери мақтаўға ылайық. Олардың арасынан устаз педагоглар, елге белгили дөретиўшилер, көркем өнер мәденият хызметкерлери жетилисип келмекте. Олардан Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Дослық» ордениниң ийеси, доцент Айгул Надырова, педагогика илимлериниң кандидаты Санобар Романова, педагогика илимлери бойынша философия докторы Ықласбай Муянов, Хожели районындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры Меҳрибан Мырзамбетоваларды мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды.
Сондай – ақ, ҳәзирги ўақытта да ол елимизге белгили жас талантлыларды тәрбиялап камалға келтирмекте. Олардан Гүлшынар Худайбергенова, Еркинай Орынбаевалар «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, бир қатар халық аралық фестиваль ҳәм таңлаўлардың жеңимпазлары болды. Сондай-ақ, ол шәкиртлери менен биргеликте бир неше илимий жумысларын да жазып баспадан шығарып келмекте.
Софья Тажетдинова профессионаллық тәжирийбеге ийе, өзиниң пәнин ҳәм оны оқытыў методикасын жақсы билетуғын, жоқары мәдениятлы, жасларға тәлим-тәрбия бериўде шаршамайтуғын, шәкиртлерин жақсы көретуғын, кең пикирге ийе талантлы педагог устаз болып табылады.
Ж.Султамуратов,
Әжинияз атындағы НМПИ Педагогика факультети деканының Жаслар мәселери бойынша орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги