Қарақалпақстан медицина институтында “Жоқары Медициналық билимлендириўдиң әҳмийетли машқалалары» атамасында Халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференцияда  денсаўлықты сақлаў тараўындағы әҳмийетли  машқалалар сөз етилди.

Илажды институт ректоры О.Атаниязова ашып, мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен медицина тараўын раўажландырыў ҳәм усы тараўдағы жоқары билимлендириў системасын жетилистириў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар менен ушырасып атырған әҳмийетли машқалалар ҳаққында айтып өтти.

Атап өтилгениндей, ҚМИ де  Университет клиникасының шөлкемлестирилиўи, кадрлар таярлаўдың үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде медициналық ҳәм фармацевтикалық мǝкемелердиң студентлер ушын оқыў ҳәм оқыў-әмелий базасына айланыўы, билимлендириў, илим ҳәм әмелияттың тығыз интеграциясы медицина кадрларын таярлаўда ең  әҳмийетли бағдарлар болып есапланады.

Конференция гибрид форматта шөлкемлестирилип онда, медициналық билимлендириў модернизациясы, шаңарақ шыпакерин таярлаўда жәмийетлик шериклердиң тутқан роли, билимлендириў ҳәм илимниң интеграциясы, медицина кадрларын таярлаўда шет  ел тәжирийбеси , әмелий көнликпелерди өзлестириўде симуляциялық оқытыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша мәселелер көрип шығылды.

Конференцияның биринши күнинде медициналық билимлендириўдиң сапасы, симуляциялық оқытыў принциплери, кредит-модул системасының енгизилиўи, дуал тәлим, медициналық билимлендириўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў, медицина кадрларын таярлаўда шет ел тәжирийбелери бойынша тийкарғы баянатлар тыңланды. Екинши күнинде жетекши қәнигелердиң қатнасыўында илимий семинарлар, шыпакерлер ҳәм клиникалық ординаторлар ушын мастер-класслар өткериледи.

Конференцияда Австрия, Қубла Корея, Россия, Қазақстан мәмлекетлеринен қәнигелер онлайн түрде, сондай-ақ, ҚМИ профессор-оқытыўшылары, магистрлер, клиникалық ординаторлар қатнаспақта. Конференция жумысы даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги