Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаўдырбай Сейтовтың шығармалары жәмленген «Шаўдырбай Сейтов мийраслары» атамасындағы китаптың презентациясы болып өтти.

Кешени музей директоры Шәригүл Пайзуллаева басқарып барды. Онда Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов, шайыр Сағынбай Ибрагимов, илимий излениўши Бийбихатша Жолдасбаева ҳәм басқалар халқымыздың сүйикли жазыўшыларының бири Ш.Сейтовтың қарақалпақ әдебиятында тутқан орны ҳәм оның дөретиўшилиги туўралы кең түрде айтып,   әдебиятымыздың раўажланыўы ҳәм қәлем тербеткен ҳәр бир тулға әдебиятта өз орнын жоғалтпаўы кереклигин, оның ушын бәримиз бирге ат салысыўымыз зәрүрлигин атап өтти. Жаңа китап туўралы мағлыўматлар берди.

-Миллий әдебиятымызда өз орнына ийе сүйикли шайыр-жазыўшылардың шығармаларын ҳәр 3,4 жылдан қайтадан баспадан шығарып турыў керек. Себеби, китап оқыўшылары тәрепинен оларға мүтәжлик бар,-дейди жазыўшы Муратбай Нызанов өз сөзинде.

Кешеде Хожели районындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары тәрепинен жазыўшының шығармасынан таярланған сахналық көринис қойып берилди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, китапта Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Шаўдырбай Сейитовтың баспасөз бетинде жәрияланған эсселери ҳәм очерклери, жазыўшының естелигине арналып жазылған қосықлар, дөретиўшиниң басып шығарылған китапларының дизими берилген. Соның менен бирге, әдебияттаныў илиминде Ш.Сейитов дөретиўшилигине арналған илимий мийнетлердиң библиографиялық көрсеткиши де орын алған.

Китапты жыйнаўда жазыўшы Муратбай Нызанов, шайыр Сағынбай Ибрагимов, жас шайыр Атағулла Сәтбаевлар мийнет еткен ҳәм «Жети ықлым» баспасында басылып шыққан.

 

Перуза Яқупбаева,

Бердақ атындағы ҚМУ студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги