Бәршеңизге белгили, Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мақсетлерге ерисилгенлик дәрежесин баҳалап барыў мақсетинде “Юксалиш” ҳәрекети жанында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, экспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат қурамда Жәмийетлик топар шөлкемлестирилген еди.
Усы “Юксалиш” ҳәрекети жанындағы Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топардың 2024-жылдың өткен дәўиринде Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мақсетлерге ерискенлиги ҳәм өткерилген жәмийетшилик мониторинги жумыслары ҳаққында есабат мәжилиси болып өтти.
Илажда, Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзалары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
“Юксалиш” ҳәрекети жанындағы Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар баслығының орынбасары А.Урумбаевтың есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы “”Өзбекстан -2030” стратегиясын “Жаслар ҳəм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда əмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 1-март күнги қарары менен “Өзбекстан – 2030” стратегиясының 5 бағдары бойынша 2024-жылға арналған əмелий илажлар режеси, аймақлық бағдарлама тастыйықланған.
Аймақлық бағдарлама бойынша, биринши ҳəр бир инсанға өз потенциалын əмелге асырыўы ушын мүнəсип шараятларды жаратыў, екинши турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тəмийинлеў, үшинши суў ресурсларын үнемлеў ҳəм қоршаған орталықты қорғаў, төртинши нызам үстинлигин тəмийинлеў, халық хызметиндеги мəмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, бесинши “Қәўипсиз ҳəм тынышлықты сүйиўши мəмлекет” принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдарларында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар тийкарында жумыслар алып барылмақда.
Жәмийетлик топар тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўында жәмийетлик қадағалаў илажлары, яғный жәмийетшилик мониторингин өткерип барды.
Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы бойынша топар ағзаларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы “Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында”ғы нызамы тийкарында 2024-жылдың январь-сентябрь айларында 12 мәрте жәмийетшилик мониторинги өткерилди.
Мониторинг сапарлары даўамында анықланған кемшиликлер, машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли министрлик ҳəм мәкемелерге усыныслар киргизилди.
Усы өткерилген жәмийетшилик мониторинги жумысларының нәтийжеси, тийисли шөлкем басшылары, тараў қәнигелери, экспертлер ҳәм жәмийетлик қадағалаў топары менен биргеликте, Қарақалпақстан теледадиокомпаниясының “Мүнәсибет” көрсетиўине алып шығылып, ҳәр тәреплеме додаланып, тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў, алдағы ўақытлары усындай жағдайлардың алдын алыў ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған жуўапкер шахсларға нызам ҳүжжетлери тийкарында ҳуқықый тәсир шараларын көриў бойынша усыныслар берилди, соның менен бирге, өткерилген жәмийетшилик мониторинги илажлары социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилип барылды.
Илажда қатнасыўшылар есабатта көрсетилген мәселелер, мониторинг даўамында жүзеге келип атырған машқалалар бойынша пикир-усынысларын билдирип, алда әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар додаланып, ўазыйпалар келисип алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги