Бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен “Пийшемби – профилактика күни” мүнәсибети менен “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың профилактикасы ҳәм шегара бажыхана қадағалаўы қағыйдаларына әмел етиў бағдарлары бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары алып барылды.
Пуқараларға интернет тармағындағы ҳәр қыйлы сайтларда тарқалып атырған жат идеялардан аўлақ болыў, барған сайын кең тарқалып атырған социаллық тармақлардың қолайлы тәреплери менен бир қатарда, олар арқалы келип атырған зыян ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Себеби, бүгинги күнде бажыхана уйымы мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, республикамыз аймағына алып кирилиўи ҳәм алып шығылыўы қадаған етилген товарлардың нызамға қарсы ҳәрекетиниң алдын алыў менен бир қатарда, идеологиямызға туўра келмейтуғын жат идеяларды өзинде сәўлелендирген түрли материаллардың да шегараларымыз арқалы кирип келиўине жол қоймайды.
Соның менен бирге, бажыхана тараўы бойынша мүрәжатлерди қабыллаў ҳәм бажыхана хызметкерлери тәрепинен коррупцияға қол урыў ҳәм материаллық мәп талап етиў жағдайлары бақланғанында бажыхана уйымларының 11-08, 61-224-90-81 исеним телефонларына қоңыраў етиўи соралды.
Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги