Вируслы гепатит А кеселлиги халық арасында «сары аӯырыӯ» деп те аталады. Халқымыз арасында вируслы гепатит кеселлиги актуал машқала болып, кеселлик мектеп жасындағы балалар арасында кɵбирек дизимге алынбақта. Дене ыссылығыныӊ кɵтерилиўи, ҳәлсизлик, кеўил айныўы, қусыў, оӊ қабырға астында аўырыўдыӊ болыўы, баўыр ҳәм талақтыӊ үлкейиўи усы кеселликтиң ең тийкарғы белгилеринен есапланады.
Кеселликтиӊ алдын-алыӯ ушын төмендеги илажларды әмелге асырыўымыз керек. Яғный, балаларды жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиӯин үйретиӯимиз (бармақларды, ойыншық ҳәм басқа да ҳәр қыйлы буйымларды аӯызға салыӯ әдетлерин ислеӯге жол қоймаӯымыз, қолларды сабынлап жуӯыӯға әдетлендириӯимиз) керек. Мийўе-палыз ɵнимлерин жуўып пайдаланыў, кайнатылған суӯ ишиӯге әдетлендириўимиз керек. Ҳәзирги күнде вируслы гепатит А кеселлигиниӊ арнаўлы профилактикасы болған вакцина менен шаншыў кеселликтиӊ алдын-алыӯда адам организмин ҳәм ата-аналардыӊ ӯақытын, қаржысын үнемлеўде нәтийжели тәсир кѳрсетип келмекте.
Нɵкис қаласында быйыл вируслы гепатит кеселлиги 2023-жылға қарағанда 1.7 есеге кɵбейген. 2024-жыл даўамында кеселленгенлерден интенсив кɵрсеткишли 68,9 процент наўқас дизимге алынған болса, ɵткен 2023-жыл даўамында интенсив кɵрсеткиш 41 процентке теӊ наўқас дизимге алынған.
2024-жылы дизимге алынған вируслы гепатит А түри менен наўқасланғанлардан 14 жасқа шекемги балалар арасында кеселленгенлериниӊ 62,5 процентин мектеп оқыўшылары қурайды. Кеселликтиӊ мектеплерде, балалар бақшаларында тарқалыўыныӊ алдын-алыў, эпидемияға қарсы илажларды әмелге асырыў бойынша Нɵкис қалалық СЭТҳЖС бɵлими тәрепинен шығыс хатлары берилди. 2023-2024 оқыў жылларында мектепке 1-классқа барған балаларды толық вируслы гепатитке қарсы вакцина менен шаншыў илажларын кɵриӯ бойынша қаламыздағы барлық мектеп басшыларына усыныс хатлары берилди.
Бүгинги күнде вируслы гепатит А кеселлигиниӊ тарқалыўының алдын-алыў илажларынан еӊ нәтийжели усылы кеселликке қарсы вакцина менен шаншыў болып есапланады. Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Санитариялықэпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы тәрепинен алынған «Вируслы гепатит А» вакцинасы менен Нɵкис қаласы аймағында дизимде турған «темир дәптер» ҳәм социаллық жақтан кем тәмийинленген шаңарақлардағы 3-8 жас аралығындағы балалардан улыўма 128 бала бийпул шаншылды. Өткерилген санитариялық үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары нәтийжесинде ата-аналардыӊ есабынан 2024-жылы 432 бала ВГ «А» вакцина менен шаншылды.
Нөкис қалалық СЭТҳЖСБ тәрепинен жыллық реже тийкарында халық арасында санитариялық үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары алып барылмақта.
Ҳүрметли ата-аналар вируслы гепатит А кеселлигиниң алдын алыўдың еӊ нәтийжели усылы кеселликке қарсы вакцина менен шаншыў болып есапланады. Сонлықтан, ѳзлериңиздиң перзентлериңиздиң денсаӯлығына итибарлы болыўыңызды ҳәм шаншыӯ менен қамтып алыӯыңызды соранамыз.
Г.Қурбанова,
Нөкис калалык СЭТҳЖСБ
Эпидемиология бөлими менгериўшиси.
З.Азимов,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.