Ертең Елликқала районындағы Ақшакөл көли бойындағы жаңадан шөлкемлестирилген рекреацион зона дем алыў комплексинде «27-сентябрь – Халықаралық туризм күни»не арналған  «Ишки туризм ярмаркасы» болып өтеди.

-Бул ярмарка Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилип атыр,-дейди басқарманың бас қәнигеси Элшад Валиев.-Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, республикамыз аймақларының туристлик потенциалын арттырыў, жергиликли пуқараларды саяхатқа тартыў, туризм хызметлери экспортын кеңейтиў ҳәм жергиликли туристлик кәрханалардың өз-ара бирге ислесиўине қолайлы имканиятлар жаратып бериўден ибарат.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ярмарка даўамында өнерментлер көргизбеси, миллий саз атқарыўшыларының концерт бағдарламалары,  музейлердиң көшпели көргизбелери, исбилерменлердиң өз-ара бирге ислесиў бойынша ушырасыўлары ҳәм халық сейили өткериледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы