Бала күлсе, әлем – гүлистан. Пайтахтымызда кишкенелердиң мазмунлы дем алыўы ушын арналған орынлар балалар шадлығы менен еле де пайызлы. Балалардың шүлдирлеп сөйлеўи, көзлериндеги қуўаныш ушқынлары, шын жүректен шақалақ атып күлгени дүньяны гөззаллыққа бөлейди. Пайтахтымыздағы Әмир Темур атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағында бурын көптен пайдаланылмай атырған орында қурылыс абаданластырыў жумыслары алып барылып, балаларға байрам басланды. Себеби, бул жерде жаңа аттракционлар иске түсти.
Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы менен биргеликте мәденият ҳәм дем алыў бағында 21 мың метр квадрат майданға газон егилип, суў себиў қурылмалары орнатылды, ишки жоллар исленди, отырғышлар менен үскенеленди. 20 дан аслам аттракцион қурылды. Қурылысларды «Давлатназор оромгоҳи» жуўапкершилиги шекленген жәмийети әмелге асырды.
– Биз де перзентлеримиз бенен кешки сейилге шықтық, ҳәмме шад. Ҳәтте еле жасқа толмаған Раяна қызым да жүреги шәўкилдеп, қышқырықларға үлес қосып, қолларын көтериўден шаршамайды, – дейди 23-киши районның турғыны Айнура Қурбанова. Бул орынның үйимизге жақын аймақта ашылып атырғаны бәринен де мақул, көлик излеп, қосымша шығын, ўақыт сарплап жүрмеймиз. Саўда орынлары, отырғышлар, шығынды қутылары бар. Ең заманагөй, басқаша көринистеги аттракционлар балаларымызға жүдә қызықлы. Оның үстине бүгин аттракционлар перзентлеримиз ушын бийпул хызметте болды.
Пайызлы мәканның ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы С.Нағметов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бундай ийгиликли ислерди елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси сыпатында атап өтти.
М.ИГИЛИКОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Г.Айназарова, Журналистика қәнигелиги 2-курс студенти (фото)