Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 23-сентябрь күни қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материаллары тармағын раӯажландырыӯ илажларын додалаӯ бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Қурылыс экономиканыӊ барлық тармақларыныӊ раӯажланыӯына үлкен түртки беретуғын тараӯ болып есапланады. Ҳәр бир жойбар қурылыс материаллары ҳәм үскенелерине, жумысшы ҳәм  қәнигелерге талапты арттырады. Жаӊа комплекслердиӊ әтирапында жаӊа жумыс орынлары, инфраструктура ҳәм хызметлер пайда болады.

Соӊғы жети  жылда қурылыс материаллары тараӯына 9 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 5 мыӊға шамалас  жаӊа кәрхана иске қосылған, 94 мыӊ турақлы жумыс орны жаратылған. Өндирис 2 есеге өскен, жыллық айланысы 100 миллиард сумнан аслам кәрханалар 150 ден артқан.

Кейинги бес жылда қурылыс көлеми 2 есеге көбейген. 650 миллион долларлық жаӊа өнимлер өзлестирилгени есабынан қурылыстағы импорттыӊ үлеси 31 проценттен 25 процентке азайған.

Қурылыс материалларыныӊ экспорт базары кеӊейип, 58ге жетти. Сырт елде 20 дан аслам саӯда қоймаханалары, 50 ден аслам дүканлар ашылды. Быйыл экспорт муғдарын 1 миллиард долларға жеткериӯ мөлшерленген.

Соныӊ менен бирге, тараӯда машқалалар да бар, имканиятлар болса көп. Мәжилисте  мәмлекетимиз басшысы оларды таллап, жаӊа баслама ҳәм ӯазыйпаларды атап өтти.

Бүгин елимизде қуӯатлылығы 140 мыӊ тонна болған 7 базальт кәрханасы бар. Имарат қурыӯда бул өним кеӊ қолланылып атырғаны нәтийжесинде жаӊа турақ жай ҳәм социаллық имаратларда энергияныӊ жумсалыӯы 20 процентке шекем азайған.

Бирақ, буннан тысқары, қуяш нурын қайтарыӯшы айна, вермикулит араласпасы сыяқлы материалларды ислетип, энергияныӊ жумсалыӯын және 2 есеге қысқартса болады. Имаратлардыӊ фасад бөлегинде фибро талшықлы панельден пайдаланыӯ да жақсы нәтийже береди. Оны  ислеп шығарыӯ ушын зәрүр болған цемент ҳәм байытылған қум өзимизде жетерли.

Жуӯапкерлерге усы сыяқлы әҳмийетли қурылыс материалларын елимизде  ислеп шығарыӯ бойынша көрсетпелер  берилди. Соныӊ ишинде, Қувасайдағы «Кварц» кәрханасында 20 миллион долларлық, Жиззақтағы айна заводында 10 миллион долларлық инвестиция  жойбарларыныӊ әмелге асырылыўы  атап өтилди.

Улыӯма, исбилерменлер менен биргеликте, 3,5 миллиард долларлық 350 жаӊа жойбар  режелестирилген. Олардыӊ қурылысына ҳәм жумысына кәмбағал шаӊарақлардан 50 мыӊ пуқараны жумысқа жайластырыӯ нәзерде тутылған.

Қурылыс материалларын таярлаӯда энергияныӊ жумсалыӯын азайтыӯ оғада әҳмийетли. Бул оныӊ өзине түсер баҳасына, өтимлилигине тәсир көрсетеди.

Соӊғы еки жылда бул тармақта өндирис 1,2 есеге артқан болса да, усындай илажлардыӊ есабынан энергияныӊ жумсалыӯы 1,3 есеге, энергияныӊ сыйымы 1,6 есеге азайды. Мысал ушын, «Қызылқумцемент»те ыссылық алмасыӯ үскенелери реконструкцияланып, жылына 37 миллион киловатт саат электр үнемленди.

Бүгинги күнде алдынғы сырт ел кәрханалары ыссылық энергиясынан қайта пайдаланыӯ арқалы электр алыӯ технологиясын жедел қолланбақта. Усыныӊ тийкарында, энергияныӊ жумсалыӯы жоқары болған 34 кәрханада энерго аудитти жуӯмақлап, жылына 300 миллион киловатт саат электрди үнемлеӯ мүмкин екенлиги айтылды.

Ҳәзир елимизде ислеп шығарылып атырған 170 атамадағы қурылыс материалынан 97  си бойынша ишки талап қапланған. Бирақ, базар толық үйренилместен, усыған уқсас жойбарлар және режеленген.

Сонлықтан, енди базар тойынған қурылыс материалларыныӊ дизими жәрияланады. Ишки ҳәм сытқы мүтәжликтен келип шығып, жаӊа өнимлер бойынша усыныслар таярланып, ашық порталға жайластырылады. Жойбарлар «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясыныӊ илимий-техникалық кеӊесинде көрип шығылады. Усы ассоциация жанында Корея тәжирийбеси тийкарында сынақ лабораториясы шөлкемлестириледи.

Анықланған қум-шағыл тас майданларын аукционға шығарыӯ, руда емес кәнлерден нызамсыз пайдаланыӯ үстинен қадағалаӯды күшейтиӯ бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте  қурылыс тараӯындағы әҳмийетли мәселелер де додаланды.

Соӊғы жети жылда мәмлекетимизде дерлик 100 миллиард долларлық қурылыслар болған. Бул тараӯда жумыслардыӊ көлеми жылына орташа 7-8 процент өспекте.

Дүньяда қурылыс индустриясы күн сайын раӯажланбақта, жаӊа технология ҳәм инновациялар  әмелиятқа кирип келмекте. Бирақ елимизде елеге шекем ески стандарт ҳәм процесслер сақланып қалмақта.

Заманагөй методикалардан арқада қалып кетпеӯ ушын қала қурылысы нормалары  ҳәм қағыйдаларын турақлы түрде жаӊалап барыӯ керек екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, орынларда туризм, саӯда ҳәм сервисти раӯажландырыӯ мақсетинде киши аймақлардыӊ мастер режелери ислеп шығылмақта. Мәселен, Бухара ҳәм Наӯайы ӯәлаятларында жумыслар жедел болып, дәслепки жерлер исбилерменлерге сатылған. Бирақ айырым ӯәлаятларда бул процесс ҳәзирше төмен екени көрсетип өтилди.

Ӯәлаят ҳәкимлерине аймақларды комплексли раӯажландырыӯ ҳәм урбанизация бойынша 48, туризм зоналарын қурыӯға қаратылған 20, жол бойларында саӯда ҳәм хызметлерди кеӊейтиӯ бойынша 68 мастер режени жеделлестириӯ ӯазыйпасы қойылды.

Қурылыслардыӊ сапасы мәселесине айрықша итибар қаратылды. Айырым асығыс ҳәм шала жойбарлар адамлардыӊ наразылығына себеп болып атырғаны атап өтилди.

Қурылып атырған ҳәр бир объект бойынша күнлик қадағалаӯ орнатылыӯы белгиленди. Оныӊ ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараӯында қадағалаӯ инспекциясыныӊ аймақлық басқармаларында штаб шөлкемлестириледи. Мәмлекет есабынан қурылып атырған ҳәр бир имаратқа видеокамералар орнатылып, инспекцияға мағлыӯматлар онлайн барып турады.

Сондай-ақ, нызамсыз қурылыслар бойынша мәҳәлле басшылары ҳәм жәмийетшиликтиң қадағалаӯы күшейтиледи. Ҳәр бир қурылып атырған имарат алдында «QR» кодлы мағлыӯматлар жазып қойылады. Бул болмаса, қурылыс нызамсыз есапланады.

Жуӯапкерлерге  қурылыс қадағалаӯында жаӊа санластырылған система жаратыӯ, тийисли инспекция жумысын жетилистириӯ бойынша тапсырмалар берилди.

Ҳәр бир  ӯәлаятта шөлкемлестирилген Қала қурылысы кеӊеслериниӊ жумысы бойынша да наразылықлар көп. Кеӊеске киргизилген жойбарларды көрип шығыӯ ҳәм келисиӯ айлап созылмақта.

Сонлықтан усы кеӊеслер менен байланыслы процесслер толық санластырылыӯы айтылды. Енди оған барлық  жойбарлар «Ашық-айдын қурылыс» платформасы арқалы электрон киргизиледи. Кеӊес ағзалары жойбарды төменги системасы менен  усы платформада электрон келиседи. Жойбарды көрип шығыӯ мүддети 15 күннен артпайды.

Турақ жайлардыӊ қурылысында алдаӯ, түсинбеӯшиликлер  ушырасып турыпты. Сонлықтан  енди турақ жай сатып алыӯ бойынша кепилликли «эскроу» системасы енгизиледи.

Онда  қурылысшылар өзлери қурып атырған жайлардыӊ сатылыӯын шөлкемлестириӯ бойынша банклер менен шәртнама дүзеди. Жай алмақшы болған адамлар ақшасын қурылысшыға емес, тиккелей банкке тапсырады. Банклер болса жыйналған ақшаны қурылысшыға  ресурс сыпатында береди. Яғный, банклер қурылысшы ҳәм қарыйдар арасында «көпир» болып, турақ жайды өз ӯақтында ҳәм сапалы қурып, ийесине тапсырыӯға кепил болады.

Жуӯапкерлерге усы жаӊа тәртиплерди басқышпа-басқыш енгизиӯ бойынша көрсетпе берилди.

Қурылыслардыӊ сапасы хызметкерлердиӊ билим ҳәм шеберлигине де байланыслы. Сонлықтан енди қурылыстағы жумысшылардыӊ маманлығын баҳалайтуғын система енгизиледи.

Онда кәсиплерге тәжирийбе дәрежеси ҳәм жумыс орынларына анық талаплар белгиленеди. Оны ийелеӯи ушын талапкер профессионал билим мәкемелеринде оқытылады. Еркин ямаса шәкирт сыпатында үйренип, маманлық имтиханынан өткен  қәнигелер оқымастан сертификат алады.

Әне, усындай система жойбар шөлкемлери ушын да болады.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте додаланған мәселелер бойынша исбилерменлердиӊ пикир-усынысларын тыңлады. Жергиликли шийки затларды қайта ислеп, базарға  қолайлы өнимлер таярлаӯ, мәжбүрий сертификат системасын енгизиӯ  арқалы саламат бәсеки орталығын жаратыӯ, қурылысқа жумысшыларды әпиӯайыластырылған тәртипте алыӯ сыяқлы көплеген усыныслар бойынша жуӯапкерлерге көрсетпелер берилди.

ӨзА