(Новелла)

Анасы инсульт болып, емлеўханада жатқанында Нәзийра ушын қыйыншылықларға толы қәўетерли күнлер басланды. «Анам аман болғай. Тезирек тәўир болып аяққа турып кеткей. Егер анама бир нәрсе болса бизлер не қыламыз»,-деген тәшўиш пенен  қолынан келгенинше жуўырып-жортты. Емизиўли баласы менен емлеўхана менен үйиниң арасында он бес күннен берли жуўыра-жуўырдан шаршап, өзи жығылатуғындай жағдайға келген келиншектиң ең аўыр тәшўиши күйеўиниң берген азаплары болды.

-Бул кемпир өлмеди я қоймады.   Қашан көрсең талабың больница. Мына үйге қарамайсаңба. Я ўақтында аўқат аспайсаң, я кир-пирге қарамайсаң. Сендей қатынның неге кереги бар,-деген күйеўи Дәўлеттиң сөзлерин есите берип Нәзийраның  да шыдамы шегине жетти.

-Анама неге өлим тилеп отырсаң? Ол өлсе жер толама. Қашан көрсең айтатуғының жаман сөз. Не қылайын енди. Қарасатуғын адам болмаса. Меннен басқа кими бар оның?

-Қарассын туўысқанлары. Сениң де үйиң бар, күйеўиң,  балларың бар!

-Қарасып атырғо. Гезеклесип қарамасақ қыйын болып тур. Өзиң түсинесеңғо Дәўлет.

-Түсинбеймен. Ҳеш нәрсени түсинбеймен. Ҳеш ким ата-анасын белине байлап жүргени жоқ. Бизлер де ата-анамыздан айырылғанбыз. Егерде шешең ертең өлген жағдайда  иниңди үйге  әкелемен деп ойламаяқ қой!

Өмирлик жолдасының мына гәпи Нәзийраның басынан муздай суў аўдарғандай болды. Ол күйеўине сөз сөйлеўге өзинде енди  күш таба алмады. Тек ғана ишин кемирип атырған дәрттиң үстине қуйылған мына зәҳәрдей сөзлерге буўлығып, көзлеринен мөлтилдеген жаслар аға берди…

Әкеси қайтыс болғанда Нәзийра мектепти питкерип атырған ўақытлары еди. Үкеси Орынбай болса мектепте биринши класс еди. Анасының айтыўы бойынша алдынлары туўылған баллары  жасап кетпей,  нәрестелигинде-ақ изли-изинен көз жумып, оннан кейин нешше жылларды артқа салып, усы Орынбайын дүньяға келтирген екен. Қурылыста ислеп жүрген әкесиниң   үстине кран машинасындағы аўыр жүктиң  түсип кеткенлиги ҳаққында хабар келгенде, шаңарағына аўыр мүсийбет келип,  анасы сол ўақыттан баслап жүрек қан тамыр кеселлигине шатылды.

Нәзийра узатылып, шаңарақлы болып кеткеннен соң әке үйи ҳүўлеп қалғандай болды. Денсаўлығына байланыслы анасы жумысқа жарамай, майыплық напақаға шығыўға мәжбүр болды. Бирақ анасы тынып-тыншымайтуғын мийнеткеш, өнерли ҳаял еди.  Күн көрис деген бар емеспе? Тиришлик ушын буйыртпа тийкарында қарыйдарлардың көрпе-төсеклерин тигип, дәрамат таўып, шаңарақты тербетти. Усы азғантай табысын үнемлеп, еплестирип қызына да көрпе-төсек тигип берди. Усындай күнлердиң биринде ол қан басымы көтерилип, кома жағдайына түсип, реанимация бөлимине жатқарылды.

Анасы сол жатыстан өзине келместен, көз жумып, бул дүнья менен хошласты. Нәзийра ушын енди тәшўишли күнлер басланған еди.

-Оны неге тебесең. Онда не айып,-деп Нәзийра ушып жерге түсип кеткен көз әйнегин қармаланып, таба алмай атырған инисиниң қасына  жуўыра жетип барды.  Аўыр темирди көтерисип жибер деген жездеси Дәўлетке «көтере алмайман» -деп айта алмаған Орынбай күши жетпей, бирден қолындағысын түсирип алды. Жаңа ғана он екиге шыққан, еле сүйеги қата қоймаған баланың ондай аўыр затты көтериўге шамасы жетпеслигин билип турып, Дәўлет оған ҳәр қыйлы азап ҳәм басымның түрин көрсете баслады.

-Оны неге аяйсаң. Қудай аямағанды несин аяйсаң? Жақсы болғанда жап-жас басына анасының басын жутармеди?

-Не деп турсаң Дәўлет!? Бул не дегениң? Ондай гәплерди қалай ҳүжданың шыдап айтып атырсаң?

-Ҳаў, сениң тилиң шығып кеткенбе. Саған хожалық емес, еле туўысқан керек болдыма,-деп әззиге күши жеткен күйеўи Нәзийраны иниси менен қоса сабады…

Сол күни үйде үнсизлик ҳүким сүрди. Еле нениң не екенин түсинбеген Орынбай өзинен де беттер әжапасын аяды. Өзин инисиниң үстине таслап, оны таяқтан қорғайман деген Нәзийраның бет-жүзи, денеси көк-көмбек болды. Не қылсын, әззи нашар басы менен мийримсиз күйеўинен инисин қорғаўы  ушын тек ғана қолынан сол келди. Ал, Орынбайдың болса усы қыян-кески урыста көз әйнеги де сынып қалды. Сонда да бала пақыр, әжапасының кеўлин алып, жайраған жерлерди жыйнастырып, жездеси және урыс шығармасын деп жалбырақлап жуўырып-жортып жүр. Нәзийра сол жатыстан ертесине зорға белин көтерди. Сүйретилип жүрип баласын емизип, үй-ишин жыйнап, қазанға айланысты. Түни бойы жылай-жылай қатып қалған көкиреги еле дәртке, кекке толып тур.

Дәўлет өзиниң бул исинен сирә ойланып, арланбады. Көз қарасынан «қатын дегенди урып, көкирегин басып қойыў керек, ертең иниси ержетип күшке толса өзиме жаў болады»,-деген жаман ойы менен азап бериўди даўам ете берди.

-Мына жерди аўдарып болмаса бүгин оқыўға бармайды,-деди ол бир күни Нәзийраға қарай инисин ийеги менен нусқап көрсетип.

-Бир талай жерғо. Усы кишкентай бала қалай ислейди оны. Оннанша өзиң жәремлессең болмайма.

-Ислейди. Не бәлеси бар. Нанды меннен көп жейди.  Ишкен-жегенин ақласын.

-Ишип-жесе мийнетине жарасағо. Үй жумысларының бәрин ислеп атыр. Сабақтан да көп қалатуғын болды. Бала да бағады бул бийшара.

-Ислейди. Басымды аўырта берме. Жақпаса жетимлер үйине тапсырып жибер.

Күйеўи шығып кеткеннен соң Нәзийра инисине көмеклесип, кешке шекем жер аўдарды. Азырақ ислеп тез шаршап отырып қалатуғын инисиниң азғын көринисин көрип көзлеринен жас тыйылар емес. Бийшара бала қорыққанынан тутлығып сөйлейтуғын да болыпты. Нашар басына инисин, өзин қорғай алмаған ол қатты арланып жылады. Бирақ, иним көрип қоймасын деп көз жасларын оннан жасырар еди.

Бир күни Орынбай қатты аўырып жатып қалды. Ҳеш нәрсе ишип-жемей үйдеги ўақыялар ишине түсип, ыссылығы көтерилип, сөйлеместен қатты аўырды. Нәзийра оның жағдайы аўырласқанынан қәўетерленип, шыпакерге апарып көрсетти. Шыпакер баланы тексерип көрип:

-Бул бала бир нәрседен қатты қорыққанғо. Шоршынған. Иши дәртке толып қатып қалған. Балаға тынышлық керек. Қатты жылап-жылап көкиреги босасыў керек. Нерв тамырларын тынышландыратуғын дәрилерди жазып беремен, әлбетте, әпериң. Ўақтында ишиўи керек, -деди. «Үйде тынышлық жоқғо, енди не қыламыз, не қылсам екен доктор»,-деп айтпақшы болды, бирақ бул сөзлерди ол ишинен сыбырланды. Сыртқа шығарып айта алмады. Негизинде өзиниң де нервлери шаршап, қалқансыман бези үлкейип кеткен еди.

Орынбайдың бул жағдайын көрип азырақ жуўасып, инсап енейин деген Дәўлет соңғы ўақытлары  бираз ўақыт әнедей болып жүрди. Нәзийра болса қулағындағы сырғасын сатып, инисине дәрилерин сатып алып берди.

Дәўлет бир күни араққа тойып келди. Ол енди арысландай ақырынып,жоқ жерден урыс шығарып, үйреншикли әдети менен әззи жанларға азап бере баслады. Нәзийраның шыдамы жетти. Оған енди көзине ҳеш нәрсе көринбей кетти. Баланы неге жылата бересең, деген сылтаў менен жағасынан услап, дийўалға тақап, мойнынан қысып атырған инисин қорғаў ушын ол қолына илинген темир қуман менен күйеўиниң  басына қойып қалғанын билмей-ақ қалды. Күйеўиниң басынан ағып атырған қанды көрип қорқып кеткен ол не қыларын билмей ҳуўшынан кетип, жерге жығылды. Өзине келип жән-жағына қараса емлеўханада жатыр екен. Қыймылдай алмады. Көзинен ағып атырған жасларын сыпырайын десе қолы кисенленген. Ол әззилигинен арланып жылады.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги