Соңғы ўақытлары республикамыздың барлық орынларында жолларды қайта ислеў, оңлаў ҳәм сақлап қалыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Бул жумыслардың тийкарында халықтың абадан турмысы ушын мүмкиншиликлер жаратыў нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрьдеги қарары тийкарында Нөкис районы Дарсан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Шүйт аўылында 1,5км узынлықтағы ишки көшелерине ЩПС (қум, щебень араласпасы) төсеў ҳәм тегислеў жумыслары алып барылмақта
-Ҳәзирги ўақытта аўылымыз жаңаланып, көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Электр энергиясы бағаналары қайтадан қурылып, коммуникация тараўы бойынша да көплеген жумыслар исленди. Сондай-ақ, суў тармақлары қайтадан тартылды. Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында ең шетки аўыллардың бири Шүйт аўылында қум шебень араласпасы төгилип, жақсы имканиятлар жаратылмақта,-дейди Дарсан МПЖ баслығы А.Өтеев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги