Орайлық Азия жасалма интеллект ассоциациясы (AICA) тәрепинен жасалма интеллект технологиясын кеңнен енгизиў бойынша дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда Санлы технологиялар министриниң биринши орынбасары Олег  Пекос, Орайлық банк, жетекши банклердиң ўәкиллери, сондай-ақ, AICA резидентлери қатнасты.

Мәжилисте коммерциялық банклер тәрепинен жасалма  интеллект технологиясы қолланылған системалар ҳәм олардың жәрдеминде ерисилген нәтийжелер бойынша мағлыўматлар усынылды. Санлы технологиялар министрлигиниң бул тараўда 2030-жылға шекем тийкарғы мақсетлери ҳаққында презентация өткерилди.

Мәжилис даўамында банклер тәрепинен кеңнен пайдаланылатуғын скоринг системасын жетилистириў ҳәм бул системаға жасалма интеллект технологиясын қолланыў нәтийжесинде пайдаланыўшыларды қамтып алыўды кеңейтиў мәселелери де додаланды.

Н.Раҳмонова, ӨзА