Үлкен үйге келин болып түскен Меҳрибан ата-енесине, шаңарақ ағзаларына  ҳәр қыйлы таңсық тағамлар писирип бериўи менен бирге интернеттен  торақты қалай ислеўди үйренип, олардың кеўлиндегидей етип таярлап  бере баслады.

Бул өнимлерди инстаграммда қойғанында оның бақлаўшылары  усы  өнимге жоқары баҳа берип «бизлерге де ислеп бер, ислеп сатсаң алар едик» деп усыныс билдиреди. Үш жылдан берли тәжирийбеде сынап көрип, барлық усылын үйренген ол өмирлик жолдасы менен ойласып,  Президентимиздиң 2022-жыл, 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды  жедел пәт пенен раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында 2023-жылы банктен 300 миллион сум жеңиллетилген кредит алып,  «Ерсул Хожа» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, өзиниң исбилерменлик жумысын баслайды. «Меко Мама» бренди астында шығарылған оның тәбийғый сүтли өнимлери ҳәзирги ўақытта қарыйдарлардың кеўлинен шықпақта.

-Кәрханамыздың тийкарғы мақсети халыққа тәбийғый таза өним жеткерип бериў. Сүт өнимлерин буйыртпа тийкарында исенимли орынлардан аламыз. Ҳәзирги ўақытта жумыссыз үш қыздың бәнтлигин тәмийинлеп, ислеп атырмыз. Тийкарынан торақ, сүзбе,  гүбиде пискен қолдың таза сары майы, айран ҳәм сыворотка таярлап, саўда орынларына шәртнама тийкарында жеткерип бермектемиз. Алдағы ўақытлары жумыс көлемин кеңейтип, қаймақ, қатық, творог, йогурт ислеп шығарыўды мақсет етип отырмыз. Сонай-ақ, және де ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп, өнимлеримизди экспортқа шығарыўды режелестирмектемиз,-дейди Меҳрибан Қудайбергенова.

 

Меҳрибан  Нөкисте туўылып өскен болыўына қарамастан, аўыл ҳаялларының ислейтуғын өнимлерине қызығады. Ол ҳәр қыйлы миллий тағамларды ҳәм торақ ислеў бойынша постлар қойып баратуғын өзиниң инстаграмм бетиндеги бақлаўшыларының гүзетиўшилер саны 45 мыңнан асқан. Жақында оның миллий тағамымыз болған қатыбыламықты писиргенин көрип өзим де қайыл қалғанман.

Шаңарақта ата-енесине хызмет етип, өмирлик жолдасы менен еки перзентти тәрбиялап атырған ол ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының басланғыш тәлим факультетиниң сыртқы тәлим бағдарында билим алмақта.

-Президентимиз тәрепинен республикамыздағы исбилерменлер ушын барлық имканиятлар жаратылмақта.  Мине, менде Президентимиз қарары тийкарында жеңиллетилген кредит алып жумыс баслаған болсам, ҳәзир халқымызға хызмет етип, алғыслар алмақтаман. Мен сыяқлы көплеген исбилерменлер  жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып аяққа турмақта. «Ҳүрметли исбилерменлер, ҳеш нәрседен қорықпаң. Билиң, артыңызда Президент турыпты»,- деген Журтбасшымызың сөзи биз исбилерменлер ушын бәрқулла таяныш болады,-дейди ол.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.