Мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында да 2024-2025-оқыў жылы басланды. Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыў мүнәсибети менен оқыў орнында байрам илажы болып өтти.

Илажды филиал директоры ўазыйпасын атқарыўшы Р.Өтениязов кирис сөз бенен ашты. Буннан соң Өзбектелеком акцонерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Қ.Таженов, Радиотеле узатыў орайы баслығы А.Утемуратов, «Программалық инжиниринги ҳәм математикалық моделлестириў» кафедрасы баслығы Н.Утемуратовлар сөзге шығып, бәршени Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы байрамы ҳәм жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, студент-жасларға оқыўларында табыслар тиледи.


Көтериңки кейпиятта басланған байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Буннан соң ҳәр бир қәнигелик бойынша топарларға бөлинип, Ғәрезсизлик сабақлары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги