Шоманай бүгин үлкен қурылыслар елине айланды. Районда дерлик ҳәр күни жүз берип атырған жаңалықлар халқымыздың қуўанышына қуўаныш қосып, ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы алдынан мүнәсип саўға болмақта.

Жақында район орайындағы мәденият ҳәм дем алыў бағында жаңа аттракцион иске түсти.

Хабарыңыз бар, Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Шоманай районында заманагөй дем алыў бағын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берген еди.

Президент басламасы тийкарында тийисли жумыслар шөлкемлестирилип, керекли қаржылар ўақтында ажыратып берилди ҳәм заманагөй мәденият ҳәм дем алыў бағын шөлкемлестириў ушын жаңадан «Шоманай аттракцион» кәрханасы шөлкемлестирилди.

Оған район ҳәкимлиги тәрепинен 8 гектар жер ажыратып берилип, Қытай мәмлекетиниң Урумши қаласындағы «XINJIANGXIRALI INTERNATIONAL LOGISTICS CO, LTD» компаниясы менен биргеликте шәртнама дүзилип, баҳасы 933,1 мың долларлық 21 түрдеги үскене ҳәм товарлар алып келинип орнатылды. Тийисли абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Шынында да, быйылғы жыл шоманайлылылар ушын оғада әўметли жыл болды. Район бурын көрилмеген қурылыс майданына айланып, көплеген кәрханалар иске түсти. Көплеп жаслар жумыс пенен тәмийинленди, халықтың абаданлығы артпақта.

Районда заманагөй аттракционның иске түсиўи болса, район халқына үлкен қуўаныш бағышлады. Әсиресе, ондағы ҳәр қыйлы ойнаў майданларында жуўырысып жүрген балалардың қуўанышында шек жоқ.

– Бундай атракционды бизлер тек айырым шет ел киноларында көретуғын едик, бүгин районның барлық халқы балалары менен усы жерде десем қәтелеспейтуғын шығарман. Балаларымыз ушын жаратылып берилип атырған усындай шараятлар ушын республикамыз басшыларына, район ҳәкимиятына шексиз миннетдармыз,-дейди илажға келген ата-аналардың бири Ш.Якупова.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.