Пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оны анықлаўда суд экспертизасының орны оғада әҳмийетли.
Бизге белгили, Жаңа Конституцияның 28-статьясында егер шахстың өз айыбын тән алғаны оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емеслиги атап өтилген.
Әдиллик министрлиги жанындағы Хадича Сулайманова атындағы Республика суд экспертизасы орайы тәрепинен өткерилген баспасөз әнжуманында усы ҳаққында сөз болды.
Орай тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм гезектеги ўазыйпалар ҳаққында орай басшылығы мағлыўмат берип, судлар ҳәм хуқық қорғаў уйымларының қарар ҳәм ажырымлары және физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери тийкарында избе-из жумыс ислеп атырғаны атап өтилди.
2020-жылы 923 мыңнан аслам объект бойынша изертлеўлер өткерилип, 28 мың 678 жуўмақ ҳәм қәнигениң пикирлери берилген болса, усы жылдың 8 айы даўамында 3 миллионнан аслам объект бойынша изертлеўлер өткерилип, 26 мыңнан аслам экспертиза жуўмақлары ҳәм қәниге пикирлери берилген.
Бул болса суд ҳәм тергеў уйымларының суд-экспертизасына мүтәжлиги жылдан-жылға барған сайын артып баратырғанынан дәрек береди.
Орайда алып барылған илимий-изертлеў жумысларының нәтийжесинде кейинги 4 жылда бир қатар жаңа суд-экспертиза түрлери енгизилди. Соның ишинде, суд-лингвистика, суд-компьютер-техникалық, суд автомобиль жоллары, суд-электротехника, суд-психологиялық, азық-аўқат өнимлериниң суд экспертизасы, суд-салық, азық-аўқат өнимлерин баҳалаў экспертизасы, суўық қураллардың криминалистикалық экспертизасы сыяқлы жаңа экспертиза ҳәм изертлеў түрлери жаратылып, суд экспертлик әмелиятына енгизилди. Нәтийжеде орайда әмелге асырылатуғын суд экспертлик түрлери 44 тен 57 ге артқан болса, изертлеў түрлери 92 ге жеткерилди.
Орай лабораторияларын халықаралық стандартларға муўапықластырыў мақсетинде олар ISO/IEC 17025 халықаралық стандартына муўапық аккредитацияланып, муўапықлық сертификатына ийе болды.
Ҳәзирде орайдың «Суд-баллистика ҳәм трасология» лабораториясын ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген «Суд-компьютер техникалық экспертизасы» бөлимин де ISO/IEC 17025 халықаралық стандартына муўапық аккредитациядан өткериў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Тараўда биринши мәрте «Суд – экспертиза» стандартластырыў бойынша техникалық комитети шөлкемлестирилип, МТК – 545 «Суд экспертиза» Стандартластырыў бойынша мәмлекетлераралық кеңесине ҳәм ISO/ТС 272 «Форенсик сайнс» халықаралық техникалық комитетине ағзалыққа қабыл етилди ҳәм оның 19-бақлаўшысына айланды.
Н.Абдураимова, ӨзА