Жаслар ислери агентлигинде агентлик директоры Алишер Саъдуллаев ҳәм БМШтың Өзбекстандағы ўәкили Сабине Маҳл менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў даўамында Өзбекстанның жасларға байланыслы сиясаты, билимлендириў ҳәм кәсип-өнерге үйретиў системалары, экологиялық, волонтёрлық ҳәм жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў сыяқлы тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар, соның ишинде, «Ibrat farzandlari», «Mutolaa», «Ustoz AI», «Vikistipeniya», «1000KITB», «UzChess» жойбарлары менен таныстырылды.
БМШ тәрепинен Өзбекстан «Жаслар стратегиясы – 2030» ды үлги түринде әмелге асырып атырған 10 мәмлекеттен бири сыпатында тән алынғаны бул бағдардағы табысларымызды және бир мәрте тастыйықлады.
Ушырасыў жуўмағында жаслар сиясаты тараўында тығыз бирге ислесиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА