Нөкис қаласындағы Президент мектебинде 2024-2025 оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен биринши қоңыраў илажы болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң Баслығы  Аманбай Орынбаев мектеп жәмәәтин, ата-аналарды ҳәм келешегинен үлкен үмит күттиретуғын оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 2023-2024 оқыў жылын 21 оқыўшы жоқары нәтийжелер питкерди. Соның ишинде Аллаберди Зинхайдаров Қубла Кореяның UNIST (Ulsan National Institute of Science and Technology) институтына, және бир питкериўши Фаррух Отаназаров Туркия университетине толық грант тийкарында қабыл етилди. 10-класс оқыўшылары Мәнзилбек Карлыбаев ҳәм Бексултан Базарбаевлар қурамындағы команда “Robo-Coding” олимпиадасының Өзбекстан Республикасы басқышында 2-орынды ийеледи.  30-июнь Жаслар күни мүнәсибети менен 9-класс оқыўшысы Садулла Ризаев “Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Илажда сондай-ақ ата-аналар атынан мектеп питкериўшиси Аллаберди Зинхайдаровтың анасы Салтанат Қурбаниязова, Президент мектебине быйылғы жылы ең жоқары балл менен қабылланған Зарина Ибрагимованың әкеси Абдумалик Абуовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Дәслепки қоңыраў илажы концерт бағдарламасы, Арқа-батыс әскерий округи әскерлериниң көргизбели шығыўлары менен даўам етти.

Илаж қатнасыўшылары Президент мектебинде оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Дәслепки қоңыраў қағылып, жаңа оқыў жылы “Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” сүрени астында ғәрезсизлик сабақлары менен басланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги