Ғәрезсизлик байрамы күнлери Қанлыкөл районындағы “Жаңа Өзбекстан” массивинде  жаңа мектеп имараты, усы аймақтағы көп қабатлы турақ жай, Кадастр агентлиги районлық бөлими ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының райондағы филиалының ҳәкимшилик имараты питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм жаңа имаратлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың өзинде  202,8 миллиард сумлық қаржы есабынан жаңадан 4 мектеп қурылып, 30 мектепте реконструкция жумыслары алып барылмақта. Жаңа оқыў жылы алдынан пайдаланыўға тапсырылған  330 орынлық жаңа мектепте кең ҳәм жақтылы класс бөлмелери,  спорт зал, универсал спорт майданшасы қурып питкерилди. Онда балалардың заманагөй билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.


Районда барлық социаллық инфраструктураға ийе болған “Жаңа Өзбекстан” массивинде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем бул массивте 6 турақ жай пайдаланыўға берилген болса, ғәрезсизлик байрамы қарсаңында және бир турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Жаңадан қурылған массивте 2,1 миллиард сумлық 1,4 км ишимлик суў ҳәм 3,1 километр ақаба суў тармағы тартылып, 3,6 миллиард сумлық 1,8 км ишки жол асфальтланды.

Президентимиздиң 2023-жыл 28-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасының халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларды белгилеў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында халықтың турақ жайға болған ҳуқықының әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратыў, физикалық шахслар тәрепинен қурылған көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларын белгилеў арқалы халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.  Бул пәрман менен 27 мыңнан аслам, соның ишинде, Қанлыкөл районында 140 турақ жайда жасаўшы пуқаралардың кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы машқалалары өз шешимин тапты. Пайдаланыўға тапсырылған жаңа имарат халыққа кадастр хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги