Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев Көксарай резиденциясында тар шеңберде ушырасыў ҳәм Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисин өткерди.
Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Республикасы Президентиниң бул ретки мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя екенин айрықша атап өтти.
– Бүгин биз Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қоямыз. Бир неше жыл даўамында биз биргеликте Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларын мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежесине көтериўге еристик,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сондай-ақ, көп тәреплемели бирге ислесиўди әмелге асырыў ҳәм оны анық мазмун менен байытыўдың нәтийжели механизмине айланыўы зәрүр болған Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жетекшилер еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Парламентлер, ҳүкиметлер, тармақ уйымлары ҳәм аймақлар арасында тығыз байланыслар жолға қойылды. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислери, форум ҳәм көргизбелер, көплеген мәдений илажлар турақлы түрде өткерилмекте. Исбилермен топарлар арасында бирге ислесиў кеңеймекте.
Сапар шеңберинде Президентлердиң еки мәмлекет жетекши компанияларының ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтеди ҳәм жаңа кооперациялық жойбарларға старт бериледи.
Атап өтилгениндей, келеси жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленеди.
Мәмлекетимиз басшысы бул қутлы сәнени кеңнен белгилеў мақсетинде илажлар бағдарламасы ҳәм бир жылға мөлшерленген Уйымлараралық қарым-қатнас ҳәм алмасыўлар режесин таярлаўды усыныс етти.
Буннан тысқары, ендиги жылды Өзбекстан ҳәм Әзербайжан экономикалық кооперациясы жылы деп жәриялаў ҳәм 20 тийкарғы бағдарды қамтып алған комплексли бағдарламаны қабыллаўға келисип алынды.
Товар алмасыў көлемин бир неше мәрте арттырыў ҳәм санаат кооперациясының жаңа басқышына өтиў, соның ишинде, үшинши мәмлекетлердеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Кеше ғана болып өткен бизнес форумның жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан артық перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди. Бул энергетика, химия, таў-кән, тоқымашылық, аўыл хожалығы, қала қурылысы ҳәм басқа бағдарлардағы кооперациялық жойбарлар болып есапланады.
Усы мәниде, Өзбекстан-Әзербайжан инвестициялық компаниясы бундай жойбарларды коллап-қуўатлаў қуралы сыпатында нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм басқа да инфраструктуралық жойбарларды, соның ишинде, көп тәреплеме тийкарда әмелге асырыў арқалы еки мәмлекет арасындағы өз-ара байланыслылықты күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тәреплер авиақатнаўлар санын арттырыў, жер үсти ҳәм ҳаўа транспорт бойынша тәртип-қағыйдаларды имканы болғанынша жеңиллестириў, санлы шешимлерди енгизиўге келисип алды.
Аймақлар аралық байланысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. 2025-жылға мөлшерленген өз алдына Аймақлараралық бирге ислесиў режеси, еки мәмлекет аймақларының санаат потенциалы ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша шериклик бағдарламасын қабыллаў ҳәм гезектеги Аймақлар форумын Қоқанд қаласында өткериўге келисип алынды.
Мәмлекет басшылары мәденият ҳәм көркем өнер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жаслар ҳәм мәлимлеме сиясаты, спорт тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў бойынша келисимге еристи.
Президентлердиң пәрманлары менен белгили мәденият ғайраткерлери Фаррух Закиров ҳәм Пўлат Булбул улына мәмлекетлеримиз «Халқ артистлери» атағының берилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет жетекши университетлери ректорларының турақлы ушырасыўлары механизмин жолға қойыў, биргеликтеги медиа форумды өткериў усынысын билдирди.
Өз-ара туристлер ағымын, гуманитарлық ҳәм бизнес алмасыўларды көбейтиў мақсетинде пайтахтларымызда туризм ҳәм исбилерменлик комплекслерин қурыў перспективалары да додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықларды мәлимлеме-таллаў жағынан қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиў потенциалын терең талқылаў ҳәм жүзеге шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, көп тәреплеме структуралар шеңберинде жедел қарым-қатнас ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў мәселелерин додалады.
Мәжилис соңында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға қарар етилди.
ӨзА