Ташкентте Өзбекистан Республикасы Президентиниң жас талантлылар ушын шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығының жаңа ийелелерин сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Талантлы жаслардың жәмийетимиздиң мәдений-руўхый турмысын арттырыўдағы әҳмийетли орнын есапқа ала отырып, өзиниң эстрада, музыка, миллий қосық, аяқ ойын ҳәм опера көркем өнери атқарыўшылығы саласындағы шеберлиги менен адамлардың жүрегине жетип баратуғын, жасларды гөззаллыққа ҳәм жақсылыққа баслайтуғын, оларды руўхый жақтан жетик нәўқыран инсанлар етип тәрбиялаўға хызмет ететуғын шығармалар дөретиўде белсендилик көрсетип атырған 17 жастан 25 жасқа шекемги жасларды турақлы хошаметлеп барыў мақсетинде шөлкемлестирилген «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы ҳәр еки жылда болып өтеди.

Быйыл усы таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын Республикалық басқышына Қарақалпақстаннан ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша тоғыз жас талант жоллама алыў бахтына миясар болған еди.

Қуўанышлы тәрепи сонда, ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы алдынан болып өткен усы таңлаўда бирнеше халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлардың жеңимпазлары болған үш жерлесимиз жыраў Саламат Аяпов (дәстүрий классикалық қосық), Ақылбек Пиязов (опера) ҳәм Шерзод Кенжебаев (аяқ ойын)лар  «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығын алыў бахтына ийе болды.

Жерлеслеримизди әжайып жеңиси менен шын жүректен қутлықлап, олардың дөретиўшилик жумысларына бәленет пәрўаз тилеп қаламыз.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги