Ақорда резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, бул мәмлекетлик сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылғанын атап өтти.

Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси өткерилип атырғаны да усыннан дәрек береди.

Сапар алдынан Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес форумы ҳәм бир қатар мәдений илажлар табыслы өткерилгени қатнаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2034-жылға шекем стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы таярланды, сыртқы сиясат уйымлары басшыларының басшылығындағы кеңес шөлкемлестирилмекте.

Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми еки есеге, биргеликтеги кәрханалардың саны бес есеге көбейди, жүк тасыў көлеми артпақта, ири кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясий ҳәм тармақ уйымлары дәрежесиндеги байланыслардың нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық майданлар, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән саўда шөлкеми, регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары, «Орайлық Азия плюс» форматлары шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатаўды даўам етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Жаслар сиясаты ҳәм мәлимлеме майданын қәлиплестириў тараўында тығыз бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул бағдарда комплексли бирге ислесиў бағдарламасын таярлаўға келисип алынды.

Еки мәмлекет парламентлери палаталарының қатнасыўында Парламентлераралық форумның шөлкемлестирилиўи қоллап-қуўатланды.

Товар алмасыў көлемин, бәринен бурын, өз-ара базарларды қәлиплестириў ҳәм үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын басыў есабынан және де арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы мәнисте, ҳүкиметлерге айдың ақырына шекем товар алмасыў көлемин 10 миллиард долларға жеткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиў тапсырылды.

Санаат кооперациясын раўажландырыў мақсетинде усы саммитке шекем улыўма баҳасы 7 миллиард долларлық жаңа келисим ҳәм шәртнамалар портфели ислеп шығылды.

Олардың арасында энергетика, транспорт ҳәм логистика, металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўларында, сондай-ақ, аймақлар арасындағы жойбарлар бар.

Сырдәрья ўәлаятында Халықралық санаат кооперациясы орайының қурылысын жеделлестириў ҳәм ол жерде кәрханаларды жайластырыўға келисип алынды.

Ири жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Биргеликтеги инвестициялық қорды шөлкемлестириў мәселеси үйрениледи.

Транзит жүк тасыў ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеў, биргеликтеги логистикалық комплекслерди қурыў, еки мәмлекет арасында автомобиль ҳәм темир жол жөнелислерин раўажландырыў мәселелери додаланды.

Стратегиялық регионаллық жойбарларды, соның ишинде, Қамбарата ГЭС-1 қурылысын тез пурсатта әмелге асырыўға үлкен әҳмийет қаратылды.

Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақлар форумын еки Аймақлар басшылары кеңесине айландырыў ҳәм оның биринши мәжилисин быйылғы жылдың гүзинде Самарқандта өткериўге келисип алдынды.

Мәмлекет басшылары тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА