Франция пайтахтында өткерилип атырған жазғы Олимпиада ойынларында өзбек спортшылары өз жүрисин даўам еттирмекте.

Жәҳән чемпионы Асадхўжа Мўйдинхўжаев -71 кг салмақ категориясында жазғы Олимпиададағы гүресин даўам еттирди.

Жерлесимиз ярым финалда АҚШлы қәбилетли спортшы Омар Жонес пенен беллести. Беллесиўдиң биринши раундында 4:1, екиншисинде болса 3:2, үшинши раундда 1:4 есабында жеңилди. Соған қарамастан, екинши раундтағы белсендилик жерлесимизди Париж Олимпиадасы алтыны ушын рингге шығыўына жетерли болды.

Мағлыўмат ушын, Омари Жонс 2002-жылы 7-ноябрьде туўылған. Ол 2021-жылғы АИБА бойынша жәҳән чемпионатында қатнасып, ярым орта салмақ категориясында гүмис медальды қолға киргизген еди.

Алдынырақ, Нодирбек ҳәм Магнус бир командада ойнаған турнирде жеңген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги