Президент Шавкат Мирзиёев «Өзбасшымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Бул көпшилик халық күтип атырған, миллионлаған шаңарақлардың турмысына тийисли мәселе еди. Дәслепки үйрениўлерге бола, ҳәзирги күнде ҳуқықый ҳүжжетлери жоқ ямаса толық болмаған 3 миллион 600 мыңнан аслам жер участкалары бар.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 21-ноябрьде жер есабы  ҳәм кадастр хызметлери бойынша өткен видеоселектор мәжилисинде бул мәселени нызамлы шешиў зәрүр екенлигин айтқан еди. Соған муўапық, тараў қәнигелери ҳәм депутатлардың қатнасыўында нызам жойбары ислеп шығылды. Онда Италия, Болгария, Хорватия, Чехия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбеси инабатқа алынды. Олий Мажлис палаталарының додалаўларында жетилистирилди.

Нызам 6 бап ҳәм 35 статьядан ибарат болып, онда төмендеги жер ҳәм мүлклерге ҳуқықлар атап өтилмекте:

1) 2018-жыл 1-май күнине шекем пуқаралар жеке тәртиптеги турақ жай қурған ҳалда өзбасымшалық пенен ийелеген жер участкасы ҳәм онда қурылған имарат ҳәм объектлерге;

2) 2018-жыл 1-май күнине шекем пуқаралар ҳәм шөлкемлер тәрепинен ҳүжжетте көрсетилген майданнан артықша ийеленген жер участкасы ҳәм онда қурылған имарат ҳәм объектлерге;

3) «бир мәртелик акция» шеңберинде ҳуқықларды тән алыў ақырына жетпеген жер участкасы ҳәм онда қурылған имарат ҳәм объектлерге;

4) 2021-жыл 8-июньға шекем район (қала) ҳәкиминиң қарары менен ажыратылған, бирақ ўәлаят ҳәкими ямаса халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тастыйықланбаған жер участкаларына;

5) бағшылық ҳәм жүзим жетилистириў ширкетлери аймағындағы турақ жайлар ҳәм олар ийелеген жер участкасына;

6) киши санаат зоналарына 2020-жыл 9-мартқа шекем жайластырылған исбилерменлердиң жер участкасына;

7) мәмлекет ордери менен меншиклестирилген имаратлар ҳәм олар ийелеген жер участкасына;

8) ҳәким қарары менен мүлк ҳуқықы тән алынған имарат ҳәм үйлер жер  участкасына.

Нызамда ҳуқықларды тән алыўдың тийкарғы шәртлери де анық белгиленген. Мәселен жер басқа шахсқа ажыратылмаған ямаса аукционға шығарылмаған болыўы, жер бойынша келиспеўшилик болмаўы, бас реже талапларына қайшы емеслиги ҳәм басқа да факторлар есапқа алынады.

Ҳуқықларды тән алыў аймақлар бойынша басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге тийисли мағлыўматларды ҳәм ҳүжжетлерди келисиў Кадастр агентлигиниң автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады. Бул системаға 15 ўәкилликли шөлкем де тийисли мағлыўматларын киргизеди.

Топланған ҳүжжетлердиң толық екенлиги ҳәм нызамлылығы ўәлаятлық әдиллик басқармасы тәрепинен тексерип шығылады. Олардың нәтийжелери мәҳәлле мүйешлери, Кадастр агентлигиниң сайты арқалы жәмийетшиликке жәрияланады. Унамлы жуўмақ қабыл етилген пуқараларға СМС-хабарнама жибериледи. Усы тийкарда бир мәртелик төлемди әмелге асырғанларға ҳәр шеректе Халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң қарары менен ҳуқықлар тән алынады.

Прокуратура, ишки ислер, агроинспекция, экология, кадастр уйымлары нызамды әмелге асырыўда мәмлекетлиң қадағалаўды орнатады. Сондай-ақ, нызамда жәмийетлик қадағалаўға айрықша итибар қаратылған. Яғный, халық депутатлары, районлық кеңеслердиң қарары менен ҳәр бир мәҳәлледе жәмийетлик топарлар дүзиледи. Бул топарларға мәҳәлле жайласқан округтен сайланған районлық кеңеси депутаты, мәҳәлле баслығы ҳәм белсенди пуқаралар киргизиледи.

Турақ жайлар, меншиклестирилген ямаса мүлк ҳуқықы тән алынған имарат ҳәм объектлер астындағы жер участкаларына ҳуқықларды тән алыў ушын бир мәртелик төлем алынады. Бул төлем Ташкент қаласында базалық есаплаў муғдарының 5 есеси, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларында 3 есеси, қалаларда 2 есеси ҳәм басқа да елатлы пунктлерде бир есесин қурайды. Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген ҳәм майыплығы болған шахсларға шегирме бериледи.

Бир мәртелик төлемнен кадастр ҳәм әдиллик уйымлары «Өзбеккосмос» агентлигиниң қәрежетлери қапланады. Қапланған қаржылар басламалы бюджет илажларына қаратылады, яғный сол мәҳәллелердиң өзине жумсалады.

Нызам 3 айдан кейин күшке киреди, оған шекем үгит-нәсиятлаў, түсиник ҳәм таярлық жумыслары әмелге асырылады. Нызам 2028-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.

Усы жерде Қарақалпақстан Республикасында бул бағдардағы жумыслар әллеқашан басланғанлығын айтып өтиў керек. Өзбекстан Президентиниң 2023-жыл 28-июльдеги пәрманы менен, тек ғана усы аймақтағы ҳүжжетсиз турақ жайлар ҳәм олар жайласқан жер участкаларына болған ҳуқықларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен тән алыўға рухсат берилген еди.

Буннан соң, барлық район ҳәм қалаларда жумысшы топарлар дүзилип, Қарақалпақстан Республикасында ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған 43 мың 432 турақ жай бирме-бир үйренип шығылды. Турақ жайлардың жайласқан орны, жағдайы ҳәм қурылған ўақты жер есабы ҳәм космослық тезликлерди таллаў тийкарында тексерилди.

Ҳәммесиниң соңында унамлы жуўмаққа келинген 27 мың 590 турақ жайға мүлк ҳуқықы, олар жайласқан жер участкаларына ижара ҳуқықы тән алынады.

Бул халықшыл сиясат нәтийжеси 27 мың 590 хожалықта жасаўшы 100 мыңнан артық пуқаралардың турмысына унамлы тәсир көрсетти. Оларда өз турақ жайын нызамлы рәсмийлестирип алыў, басқа шахсқа сатыў, шаңарақ ағзаларын турақлы дизимге қойыў  ҳуқықы пайда болды. Сондай-ақ, мүлк ийелери енди бул үйин оңлаў ямаса қосымша қурылыс ислеў ушын жеңиллетилген кредитлер алыўы, турақ жай жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылатуғын жағдайларда, нызамға муўапық компенсация талап етилиўи мүмкин болды.

«Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы нызам бул ийгиликли ислердиң көлеми пүткил мәмлекетимиз бойлап ен жаяды. Егер 3 миллион 600 мыңнан артық жер участкасының ҳәр бири орташа 3-4 пуқара ҳәм исбилерменлерге тийисли болса, бул нызам 10 миллионнан аслам халықтың машқаласын шешип, келешектеги турмысына нызамлы тийкар жаратады.

ӨзА