2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда МКШлардың белсене қатнасын тәмийинлеў арқалы, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў, халықтың абаданлығын арттырыў, пуқаралардың турмыслық машқалалары менен зәрүрликлерин шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў жумысына көмеклесиў мақсетинде Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы, Саўда-санаат палатасы, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры, Ҳаял-қызлар комитети Исбилерменликти ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў орайы менен биргеликте «Халық абаданлығы жолында биргемиз» киши грант таңлаўын жәриялайды.
Таңлаўда мәмлекетлик дизимнен өткен барлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң төмендеги мақсет ҳәм ўазыйпаларды қамтып алған жойбарлары қабыл етиледи:
♦ аўылларда ҳәм мәҳәллелерде халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаўға көмеклесиў, онда шаңарақлық исбилерменликти баслаў (шарўашылық, қоян өсириў, пал ҳәррешилик, қус бағыў, балықшылық, теплица қурыў, лимон ҳәм ғоза терегинен қосымша дәрамат көриў), банктен жеңилликли кредит алыў бойынша жүзеге келген машқалалары мәселелерди избе-из додалаў ҳәм әмелий жәрдем бериў;
♦ аўыллық жерлерде жасап атырған жаслардың, ҳаял-қызлардың ҳәм жас шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтлары, коммерциялық банклер, бизнес субъектлери менен бирге ислесиўди күшейтиў, киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды үгит-нәсиятлаў, бизнести раўажландырыўды кеңейтиў;
♦ шетки аўылларда жасайтуғын халық ушын қосымша дәрамат алыў бойынша семинар-тренинглер шөлкемлестириў, қолланбалар басып шығарыў, халыққа тарқатыў және шөлкемлеспеген жаслар менен шахслардың әҳмийетли машқалаларын шешиўге, халықты жумыс пенен тәмийинлеўге әмелий жәрдем бериў.
Грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:
-киши грант таңлаўына қатнасыў ушын жәмийетлик қордың атына хат (басшының қол таңбасы ҳәм мөри менен тастыйықланған болыўы лазым);
– www.nntfond.uz, www.ngo.uz, сайтында орналастырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза (киши грант ушын жойбар түри);
– кейинги өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар Уставының (Режесиниң) нусқасы;
– шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалығының нусқасы;
– жойбарға жәмийетлик байланысы бар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўшы хаты (усыныс, өтиниш хаты) қосымша сыпатында алып келиниўи мүмкин.
бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары — 5 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2017-жыл 17-августтан 2017-жыл 18-сентябрьге шекем қабыл етиледи.
Грант таңлаўына байланыслы ҳүжжетлер Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының төмендеги мәнзилинде қабыл етиледи: Ташкент қаласы, 100049, Әмир Темур көшеси, 14-жай.
Ҳүжжетлер тиккелей тапсырылғанда Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорында шемби ҳәм екшембиден тысқары ҳәр күни саат 9.00 ден 18.00 ге шекем қабыл етиледи.
Таңлаўда қатнасыў ушын қосымша мағлыўматларды +99871 233-52-41, 233-18-54, 233-24-92 телефон номерлери арқалы алыў мүмкин.