Бүгинги күнде Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен халық арасында елимизге белгили илимпазлар, дөретиўши инсанлар, эстрада қосықшылары, кино ҳәм театр актёрлары, жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат топар дүзилип,  Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем кешелер болып өтпекте.

Усындай ушырасыўлардың бири Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде болып өтти.

Илажда Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң доценти, тарийх илимлериниң кандидаты, топар басшысы В.Ишқувватов, Ташкент архитектура қурылыс институтының доценти, юридика илимлериниң кандидаты М.Утемуратов, Өзбекистан жәҳән тиллери университетиниң үлкен илимий хызметкер-докторанты Ф.Қуйсинова ҳәм бир қатар тараў қәнигелери шығып сөйлеп, елимиздиң ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлери туўралы кеңнен мағлыўмат берди. Онда медицина тараўы хызметкерлериниң үлеси айрықша екенлиги атап өтилип, тараўда әмелге асырылған реформалардың әҳмийети, мазмун-мәниси туўралы түсиниклер берилди.

– Бул ушырасыўдан бизлер көплеген мағлыўматлар алдық. Шынында да, ғәрезсизлик бизлерге, әсиресе, медицина саласына көплеген жаңалықларды алып келди. Заманагөй үскенелерге, имаратларға, билимге ийе болдық. Тәжирийбемиз күннен-күнге артып, халықтың денсаўлығын қорғаў бойынша жумысларымызды және де жетилистирип атырмыз,-дейди бирлеспе шыпакери М.Есбергенова.

Байрам илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.