Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың «Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясының «Медиа-холл» ында «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған мәресим болып өтти.
Ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм ведомстволардың, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, руўхый үгит-нәсиятшылар, журналистлер жыйналған илажда Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры Л.Тангриев ҳәм басқалар уллы және бийбаҳа жемис – ғәрезсизликтиң миллий раўажланыўымыз, бүгинги ҳәм келешектеги әўладлар тәғдири, келешеги ушын әҳмийети оғада артып, халқымыздың мәплерин, тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, елимиздиң халықаралық дәрежедеги абырой-мәртебесин арттырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.
Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Мәденият министрлиги, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Жазыўшылар аўқамы, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» аўқамы, Миллий телерадиокомпания, Электрон ҒХҚ миллий ассоциациясы ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы да буның айқын мысалы болып табылады. Жигирма жыллық тарийхқа ийе таңлаў быйыл «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген жақсы идея тийкарында шөлкемлестирилди.
Таңлаўға әдебият, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары, сүўретлеў көркем өнери, фотография, дизайн, кино бағдарлары бойынша дерлик 500 дөретиўшиден 5 мыңға шамалас жумыс келип түскен. Усынылған шығармаларда ғәрезсизлик идеялары, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын Раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисин кеңнен сәўлелендириў, қолға киргизилген табысларымыздың тийкарғы факторы ҳәм өлшеми сыпатында биринши гезекте халқымыздың пидәкерлик мийнети, адамларымыздың, бәринен бурын, жасларымыздың дүнья қарасы, сиясий санасы ҳәм ақыл-ойы өзгерип, пуқаралық позициясы барған сайын күшейип атырғанын турмыслық дәлил ҳәм мысаллар арқалы талқылаўға айрықша итибар қаратылған.
Салтанатлы мәресимде ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша 25 жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Малохат ҲУСАНОВА,
ӨзА ның хабаршысы