Бүгинги күни елимиз бойлап барлық министрликлерде ҳәм шөлкемлерде, мәҳәллелерде Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем кешелер ҳәм басқа да байрамға бағышланған илажлар болып өтпекте.

Тийкарғы байрам илажлары бола пайтахтымызда ҳәм район орайларында болып өтеди. Тийкарғы байрам илажларының қай жерлерде, қашан ҳәм қалайынша болып өтетуғынлығы белгили болды.

Байрамды 25-август күни бес қаланың бири Шымбай баслап беретуғынлығы күтилмекте. Ондағы байрам илажы қаладағы «Шахтемир» ойын майданында түски пайытта саат 11:00ден басланады.

26-августта Шоманай, Қараөзек районларында, 27-августта Мойнақ районында, 28-августта Тақыятас, Кегейли, Хожели, Қоңырат районларында, 29-августта Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Төрткүл районларында  болса, ал 30-августта қалған районларда ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласында болыўы күтилмекте.

Пайтахтымызда өткерилетуғын илаж еки орында, яғный «Ашық театр»да ҳәм «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында өткериледи. «Ашық театр»да өткерилетуғын илажда елимизге ҳәм республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы театрластырылған концерт бағдарламасы қойып бериледи. Ал, мәденият ҳәм дем алыў бағында халық сейили өткериледи.

Байрамды үлкен көтериңки кейпиятта өткериўге барлық ис-илажлар көрилмекте

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.